Озон газы менен емлеў усылы

Медицинада 1896 жылдан баслап , яғный Никола Тесла тәрепинен озон генераторы ойлап табылғаннан кейин қолланылып баслаған. Озон газы кислородтың актив формасы болып, оның клеткаларга кирип барыўы кислородқа қарағанда 100 есе жоқарылығы 1785 жылы голландиялы физик Мак Ван Марум тәрепинен анықланған еди. Жыллар даўамында озон газы күшли антисептик екенлиги дәлилленген. Сондай ақ озон барлық түрдеги бактериялар, вируслар ҳәм грибокларды жоқ етиў менен әҳмийетли.
Озон газы кеселликлерди емлеў менен бир қатарда қан айланысты жақсылайды, терини, пүткил организмди тазалайды, иммунитетти беккемлейди, зат алмасыўды жақсылайды.
Озонотерапия медицинаның хирургия, дерматология, неврология, терапия , кардиология, гинекология, иммунология, косметологияда өз орнын тапқан.
Көпшилик кеселликлерде, әсиресе (аллергиялық дерматит, экзема, псориаз, пиодермия, аллапеция), ишки кеселликлер (жоқары дем алыў жоллары кеселликлери: бронхит, бронхиал астма,) кардиологияда жүрек ишемия кеселликлеринде, артериал гипертонияда ҳәм т. б.), гинекологиялық (урогенитал хломедиоз, жатыр мойны эрозиясы, созылмалы исиниў процесслери, трихомогерпеслер), ревматология кеселликлерде, ҳәмиледар ҳаялларда (токсикоз, ҳәмилениң жақсы раўажланыўында, гестоз), турақлы шаршаў, депрессия ҳалатларында, зат алмасыўының бузылыўы менен кешетуғын жағдайларда нәтийжели емлеў усылы болып есапланады.
Буннан тысқары теридеги жарақатлардың тез питиўинде, күйикте тери регенерациясының тиклениўинде, тери пластикасы ҳәм оның тонусын арттырыўда озон газының әҳмийети үлкен.
Озонотерапияға қарсы корсетпелер:
Жүрек инфарктиниң өткир фазасы,
Тутканақ синдромында (эпилепсия)
Қалқансыман безиниң гипертиреози,
гиперкальциемия, гемофилия А, В, томбоцитопения,
Ишки қан кетиўлерде,
Өткир панкреатит кеселлигинде усыныс етилмейди.
Ҳәзирги күнде қәриялар ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын « Тақыятас» санаториясында озонотерапияның вена ишине озон жибериў арқалы емлеў усылы қолланылмақта. Бунда 0,9% -250 мл физиологиялық еритпе озон газына тойындырылып 15-20 минут даўамында венаның ишине жибериледи. Вена ишине озон жибериў арқалы организмде озонидлер пайда етилип, патогенлик микроорганизмлердиң клетка мембранасын жарақатлап озон газының антисептик тәсири жүзеге келеди.

Дамехан Алланиязова,
Қәриялар ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын « Тақыятас» санаториясы емлеў ислери бойынша бас шыпакер орынбасары.