Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Шымбай районлық бөлими менен биргеликте районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы барлық улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында «Китап бизиң достымыз!» атамасындағы таңлаўдың районлық басқышы болып өтти.
Таңлаўдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, аўқамның жуўаплы хаткери, жазыўшы Б.Ерназ
аров, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының районлық бөлими баслығы Қ.Мамбеткаримовлар таңлаўдың мақсети ҳәм әҳмийети ҳаққында айтып өтип, барлық қатнасыўшыларға әўметлер тиледи.
Таңлаўда қатнасыўшылар өзин таныстырыў, сораўда берилген нақыл-мақаллардың изин ҳәм оның мәнисин айтыў, жазыўшы-шайырлардың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўмат бериў, быйылғы жылы юбилей сәнелери белгиленетуғын шайырлардың қосықларын көркемлеп айтып бериў сыяқлы шәртлер бойынша беллести.
Таңлаў жуўмағында, 1-орынды 16-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы У.Қалмуратова, 2-орынды 15-санлы мектеп оқыўшысы М.Тажимуратова, 3-орынды 44-санлы мектеп оқыўшысы Д.Темирбековалар ийелеўге миясар болды. Сондай-ақ, таңлаўға белсене қатнасқан оқыўшылар да белгиленген 8 номинация бойынша хошаметленди.
-Таңлаў жақсы ҳәм әдил өтти деп ойлайман,-дейди 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Нурзада Сейтжанова.-Онда қатар досларымыз бенен өз-ара билимлеримизди сыннан өткердик. Маған азы-кем әўмет жетиспеди ҳәм таңлаў төрешилери тәрепинен «Дилўарлығы ушын» номинациясы бойынша жеңимпаз болып табылдым.
Илаж соңында жеңимпаз оқыўшылар ҳәм олардың устазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм жаңа китаплар топламы менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы
