ИСТИҢ КѲЗИН ТАПҚАН ИСБИЛЕРМЕН

Елимиз жаслары турмысы ҳәр күни дерлик жаңалықлар менен толы. Әсиресе жасларға қаратылып атырған қолай имканиятлар ҳәм жеңилликлер олардың алдына қойған мақсетлерине және бир қәдем жақынластырмақта.
Жеңиллетилген кредит ҳәм имканиятлардан утымлы пайдаланып жаңа басламалар менен ѳз искерлигин баслап атырған исбилерменлердиң бири-Айбек Оразбаев. Ол пайтахтымыз Нѳкис қаласында жайласқан заманагѳй типтеги улыўмалық аўқатланыў хызметин шѳлкемлестириў ушын «Жаслар – келешегимиз» фонды тәрепинен 500 млн. сум жеңиллетилген кредит алып жумыс баслады. Пресс тур барысында жас исбилермен ѳз жумыслары менен жыйналғанларды жақыннан таныстырды. 100 адамлық аўқатланыў орны ҳәр бир ханасы ѳз атамасы ҳәм ѳзгешелигине ийе. Пайызлы, қолайлы шараятлар жаңалықлар менен толысып атырғанының гүўасы болдық.
– Заманагѳй типтеги улыўмалық аўқатланыў хызметин кѳрсетиў орнымыз ѳз абзаллықларына ийе. Тийкарынан Европа ҳәм миллий тағамларымыз таярланып, ѳз қарыйдарларын таппақта. Алдағы ўақытта ѳз жумысларымызды және де кеңейтиўди нийет етип отырмыз. 20 жастың бәнтлигин тәмийинлеўге еристик. Керекли әсбап-үскенелер ҳәм барлық әнжамлар менен тәмийинленгенбиз. «Жаслар – келешегимиз» фондына ѳз миннетдаршылығымызды билдиремиз,-деди Айбек Оразбаев.
«Истиң кѳзин тапқан, бахыттың ѳзин табады», дейди дана халқымыз. Ретинде исбилерменнен тәўекел етиў де талап етиледи. Әлбетте, бүгинги жас исбилермен тәўекелинде беккем тийкар бар. Солай екен, басқа да ѳз исбилерменлигин баслаў нийетинде жүрген жаслар усындай басламалардан үйренсе шеп болмайды.
Елимиздиң гүллеп-жаснаўына, мәдениятлы, заманагѳй типтеги аўқатланыў орны арқалы ылайықлы ѳз үлесин қосып атырған жас исбилермен А.Оразбаевқа алдағы жумысларында үлкен табыслар тилеймиз.

Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жасларды исбилерменликке қамтып алыў ҳәм олардың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша ис-илажлар ҳаққанда»ғы қарарына тийкар жаслардың бизнес-жойбарларына жеңиллетилген кредит қаржылар ажыратыў белгиленген. Усы қарар талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы күнге шекем «Жаслар келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен 26 жасқа жәми 11 млрд. сумнан зыят жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды. Жеңиллетилген кредитлер тийкарында ѳз исбилерменлигин жолға қойған жас исбилермен искерлигин Ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда кеңнен таныстырыў мақсетинде пресс-тур ѳткерилди.

ТИС ПҮТИНЛИГИ –
САЛАМАТЛЫҚ ТИЙКАРЫ

Ҳәр бир жас оқып билим алып, белгили бир кәсип ийеси болып, жәмийеттен ѳз орнын табыўды арзыў етеди. Сонлықтан, бизиң елимизде ҳәр бир жас дыққат-итибардан шетте емес. Әсиресе соңғы ўақытлардағы жасларды олардың жаңа басламаларын қоллап-қуўатланыўы нәтийжесинде бир қатар жаслар ѳзлериниң бизнес жойбарлары менен жаңа ислер басламақта.
Жақында Нѳкис қаласында жайласқан стомотология хызметин шѳлкемлестириў мақсетинде Айбек Баймуратовтың жумысларын үйрениў мақсетинде пресс-тур ѳткерилди. Баймуратов «Жаслар-келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен 300 миллион сум жеңиллетилген кредит алған жаслардың бири.

Бүгинги күнде бул орында тѳрт жастың бәнтлиги тәмийинленген.
– Тистиң пүтинлиги – саламатлықтың тийкары. Ѳз хызметимиз арқалы халқымыздың саламатлығын беккемлеўге ылайықлы үлесимизди қосыўды тийкарғы мақсетимиз. Келешекте және де үлкен режелеримиз бар. Тис емлеў орнымызда наўқастың ўақтын үнемлеў ҳәм сапалы стомотологиялық хызмет кѳрсетиў ушын барлық шараятлар жетерли. Соңғы заманагѳй әсбап-үскене ҳәм әнжамлар менен тәмийинленбиз. Қәнигелеримиз де ѳз маманлықларына ийе,-дейди жас исбилермен А.Баймуратов.
Жаслық жигери толып-тасқан усындай жасларымыздың халық ийгилиги жолында баслап атырған ислери табыслы болыўына тилеклеспиз.

Жумагүл
ЕМБЕРГЕНОВА,
Ѳз хабаршымыз.