Жаңаланатуғын Конституция: Қоллап-қуўатлайман, себеби…

Жаңаланып атырған Конституцияның абзаллықлары туўралы ҳәр күни еситип, кѳрип, оқып атырмыз. Бизлер қарақалпақстанлылар да Тийкарғы Нызамымыздағы болажақ ѳзгерислерге бийпарық болыўымыз мүмкин емес. Себеби, бизиң тәғдиримизге, жәмийетлик турмысымызға, әўладларымыздың келешегине, еркинлигимизге, улыўмаластырып айтқанда, туўылғанымыздан баслап қәбирге шекемги ҳәрекетлеримизге нызам шеңберинде жол силтейтуғын, ҳуқықларымыз бенен миннетлеримизди белгилеп беретуғын Конституциямыз мәмлекеттиң барлық нызам ҳәм ҳүжжетлерине тийкар болыўы менен әҳмийетли. Буны бизиң халқымыз жақсы түсинеди, сезинеди, талқылайды, егер қоллап-қуўатлаў керек болса, бир жан-бир тән болып ҳәрекет етеди.
Ҳәзир ҳәрекет етип турған Конституциямыздағы Қарақалпақстан Республикасына тийисли бәнтлердиң ѳзгериссиз қалдырылғанлығы, Арал апатшылығына Конституция дәрежесиндеги итибар-халқымыз Арал машқалалары менен жалғыз қалмайтуғыны, бул бағдардағы ҳәр қандай машқаланы жеңиллетиўге мәмлекет кепил болатуғыны бизлерди қуўандырып атыр. Атап айтқанда, 49-статьяда мәмлекет тәрепинен Арал бойы аймағының экологиялық системасын қорғаў ҳәм қайта тиклеў, аймақты социал-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша айрықша илажлар кѳрилетуғыны белгилеп қойылған.
Арал апатшылығы ақыбетинде жүз берген машқалалар бойынша Президентимиз басламасы менен ҳәзир де кең кѳлемли жумыслар алып барылып атыр. Республикамыздың сийрек ушырасатуғын ҳайўанат ҳәм ѳсимлик дүньясын сақлап қалыў, оларды кѳбейтиў ушын қорғалатуғын жаңадан-жаңа аймақлар шѳлкемлестирилмекте. Аралдың қурғаған ултанына миллион-миллион гектарлап сексеўил, қандим, қарабарақ сыяқлы шѳлге шыдамлы ѳсимликлер егилип, ҳаўаға дузлы шаңлардың кѳтерилиўин азайтыў илажлары кѳрилмекте. Келешекте Аралдың ултанында шарўашылықты раўажландырыў нәзерде тутылмақта. Ал, жаңаланатуғын Конституцияда бундай илажларды еле де кѳбейтиў, бул арқалы тек қарақалпақстанлылардың емес, Арал аймағында жасап атырған 50 миллионға шамалас халықтың турмысын жақсылаўға, денсаўлығын беккемлеўге, сол аймақларды раўажландырыўға күшли дыққат қаратылғаны менен әҳмийетли.

Пердегүл
Хожамуратова,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.