КӨП ӨМИР КӨРГИҢИЗ КЕЛСЕ…

Заманымыз раўажланып, гүллеп атыр. Әсиресе, заманагѳй технологиялар әсири болғанлықтан адамлардың барлық мийнетлери жеңилленеди.
Бурын апаларымыз қолда кир жуўып, нан жаўып, сыйыр саўып, атызға барып, перзентлерди дүньяға келтирип, жумыс ислеп, бәрине үлгерген. Яғный, бәрқулла ҳәрекетте болған, бийкар отырмаған. Ал, ҳәзир не? Кирди кир машина жуўады, нанды барып жаўдырып келемиз, сыйыр сақлаўды артықша машқала кѳрип, сүтти сатып аламыз, атызға егип не ҳәлек базарда, дүканларда ҳәмме нәрсе бар, бир-еки перзентти дүньяға келтирсек болады. Сол себепли кем ҳәрекет болып қалдық. Жумысқа барсақ та машина үйиңниң алдында тур. Дым болмаса таксилер бар. Аўқат писириў де қыйын емес, базарда, дүканларда таяр гүртик (жүўери гүртик) пельмен, яки манты, сомсаның қамыры бәри таяр. Яки таяр аўқатларды буйыртпа етип алдырады. Аўқатқа тойып, телефонға үңиле қаламыз.

Бүгинги күни аяғым, басым, асқазаным аўырды-деўшилер кѳп. Шыпакерлерге жолықпастан ѳз басымша дәри жейди. Аўырыў асқынлап, мүшеңниң бир жерине жаман зәрер келтириўи мүмкин. Бул ушын кимге ѳкпелеймиз? Бәрине ѳзимиз, бийпәрўалығымыз, кем ҳәрекетшеңлигимиз, ериншеклигимиз себепши.
Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шѳлкеминиң мағлыўматына қарағанда, бүгин раўажланыў себепли инсанлар ѳмир тәризинде усындай кем ҳәрекетликке әдетленип атырғаны кѳплеген медициналық-социаллық машқалаларға себеп болып атыр. Дүнья кѳлеминде дизимге алынған ѳлим жағдайының ҳәр тѳрттен бирине тиккелей усы фактор себеп болмақта. Мысалы жуўан ишек, сүт бези раки, қантлы диабет, жүрек ишемик кеселликлериниң жүзеге келиўиниң 25-30 пайызына усындай кем ҳәрекетлик себеп болады.
Дурыс, кѳпшиликтиң ўақты кем болыўы мүмкин. Деген менен азанда турып 20-30 минут дене шынығыўларын ислеп, күнине 1-2 километр пияда жүриўге ҳәмме де имкан таба алады. Шыпакерлердиң айытыўынша усы аз ғана ҳәрекет те организмди кислородқа тойындырып, зат алмасыўын жақсылаўда унамлы нәтийже береди екен. Усындай күн тәртибине әдетленген адамлардан инсульт, депрессия, инфаркт, рак сыяқлы аўырыўлар алысырақ «қашады». Усы бойынша ядыңызда болса ғалабалық түрде шынығыўлар ислеў, жаяў жүриў бойынша да бир қанша ислер исленди.
Бүгинги адамлар мийнет кѳрмегени ушын жас, наўқыран кѳринеди. Елимиздеги әмелге асырылып атырған кең кѳлемли реформалар нәтийжесинде пуқаралардың орташа ѳмир кѳриўи узайып атыр. Солай екен ҳәр бир адам ѳз ѳмириниң узақ, мазмунлы, денсаўлығы жақсы болыўы ушын ѳзи жуўапкер болыўы зәрүр. Ѳзиниң ѳмиринен үстемирек бул дүньяда не бар? Тез-тезден дәрилерге үйренбей, ѳз үстинде ислеўи зәрүр.
Жаңағы айтқандай дене шынығыўларын орынлап, шайдан бурын суў (жыллырақ) ишиўи, таза ҳаўада жүриўи керек.
Кеште уйқыға жатардан бурын тойғанша майлы аўқатларды жеп, артықша тойып уйқылаў адам ушын жүдә қәтерли. Ҳеш бир артықша қәрежетти талап етпейтуғын күнделикли усындай кѳнликпелерди ислеў ҳәр қандай инсанның қолынан келеди. Егер усы қағыйдаларға әмел етип жүрген болсаңызлар, рахмет. Басламаған болсаңыз бүгин-ақ ѳз үстиңизде ислеўге кирисиң, дослар.
Аўырмай жасап, ақлық-шаўлықлар кѳрип, ғаррылық гәштин сүриўдиң қаншелли бахыт екенин билесиз.
Роза ҲАБИБУЛЛАЕВА.
Кекселер, майыплар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын Тақыятас санаторийи шыпакери.