Қуслар еркинлик, гөззаллық тымсалы

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети тәрепинен 1-апрель – Халықаралық қусларды қорғаў күни мүнәсибети менен «Ең жақсы инновациялық қус уясы» республикалық таңлаўы шөлкемлестирилди.
«Истиқлол» балалар дем алыў орайында өткерилген «Қусларды қәстерлеп сақлайық» атамасындағы илажда Өзбекстан Республикасы Тәбият ресурслары министриниң орынбасары Н.Обломурадов, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитетиниң ўәкиллери, оқыўшы-жаслар қатнасты.

Илажда 65 оқыўшы қусларға уя салып жарысты ҳәм жеңимпазлар мүнәсип баҳаланды. Биринши орынға 52-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы А.Муратбеков, 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары Ә.Әметов ҳәм А.Әметовлар екинши, Н.Узақбаев ҳәм Ш.Амангелдиевлер үшинши орынларға мүнәсип деп табылды.
– Сәнеге бағышланған илажлар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң биология факультетинде, Хожели, Тахтакөпир районлары ҳәм Нөкис қаласында өткерилди, -дейди Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми кеңеси атқарыў комитетиниң баслығы Айсанем Бегимова. – Бундай илажлар жасларымыз санасына экологиялық мәдениятты, билимди сиңдирип барыўға хызмет етеди. Қуслар еркинлик, гөззаллық тымсалы болыў менен бирге, өсимликлерге зыян келтиретуғын зыянкеслерден тазалайтуғын өсимликлердиң санитарлары деп те аталады.
Оқыўшыларымызға республикамызда жоғалып баратырған, «Қызыл китап»қа киргизилген қуслар ҳаққында мағлыўматлар берилип, оларды қорғаўға, зыян жеткермеўге шақырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.