Шымбай районында шигит егиси басланды

Быйылғы жылы 10 мың гектар жерге шигит егиўди режелестирген Шымбай районы дийқанлары республикамыздың барлық аймақлары сыяқлы шигит егиў жумысларын баслап жиберди.
Усы мүнәсибет пенен Тазғара аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Кегейли – Шымбай агрокластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы атызда райондағы сектор басшылары, аўыл хожалығы мәкемелери, агрокластер ҳәм фермер хожалықлары баслықларының қатнасыўында көргизбели семинар болып өтти.

Семинарда район ҳәкими А.Тажетдинов, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў илимий-изертлеў институты Қарақалпақстан Республикасы филиалы директоры Д.Үббиниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шигит егиси мапазында әмелге асырылыўы тийис агротехникалық қәделер бойынша айтып өтип, тәмийинлеўши кәрханаларға тийисли ўазыйпалар белгиленди.
Илаж соңында «бириң мың болсын» деген жақсы тилеклер менен атызларға туқымлар тасланып, районда егис жумыслары баслап жиберилди.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.