Республикамызда 41,2 % үй хожалықларында 6 ҳәм буннан да көп адамлар жасайды

Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы маглыӯматларына бола, 2022-жылдың январь–декабрь жағдайына Қарақалпақстан Республикасында үй хожалығы ағзаларының саны бойынша:
бир адамлық үй хожалықлары — 1,6 %,
еки адамлық үй хожалықлары — 4,3 %,
үш адамлық үй хожалықлары — 11,6 %,
төрт адамлық үй хожалықлары — 17,7 %,
бес адамлық үй хожалықлары — 23,9 %,
ҳәм де алты ҳәм буннан да көп адамлық үй хожалықлары — 41,2 % ти қурап атыр.

Жыл басынан дизимге алынған туўылыўлар саны
Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы мағлыўматларына бола, 2023-жылдың январь-февраль айларында ПХАЖ органлары тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы бойынша 6 436 тири туўылыў жағдайлары дизимге алынған.
Соннан, ер балалар – 3 334; қыз балалар – 3 102.
ҚР статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.

Тақыятас:
2023-жылдың 1-апрель жағдайына Тақыятас районы аймағында 890 хожалық жүритиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субъектлери 750 ди қурайды. Дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен ҳәрекет етип турғаны 607 субъект болып, соннан 43 субъект жыл басынан жаңадан ашылып бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер, статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳəм олардың мүддетлери ҳаққында түсиник жумыслары алып барылмақта.
Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалары саны 158, қурылыс кəрханалары саны 81, саўда кəрханалары саны 263 ҳəм де 118 аўылхожалығы ҳ.т.б. кəрханалардан ибарат.
Районымызда ҳәзирги күнде 10 МПЖ ҳəм 3 АПЖлар болып 2023-жыл 1-апрель халатына халық саны 76,4 мың адам жасап келмекте.
Тақыятас районы статистика бөлими.