БАХЫТЛЫ ШАҢАРАҚ ҚУРЫЎ СЫРЛАРЫ.

Шаңарақ – жәмийеттиң сүйениши. Перзентлеримиздиң санасында Ўатанға муҳаббат сезимлери шаңарақта, жасап турған мәҳәлледе қәлиплеседи. Мәмлекеттиң ертенги күни, тыныш ҳәм абат болыўы ең дәслеп мине сол адам жәмийетте өсип ержетип атырған балаларымызға байланыслы. Қайсы шаңарақта, қайсы мәҳәлледе тәрбия жақсы жолға қөйылса, сол шаңарақ, сол мәҳәлле гүллеп-жайнайды. Себеби, шаңарақ мәмлекеттиң тийкарғы буўыны есапланады.
Жаңаланып атырған Өзбекстан шараятында шаңарақ қәдириятларының тиклениўи ҳәм туўысқанлық мүнәсибетлери, шаңарақлардың ҳәр тәреплеме раўажланып барыўына тийкар жаратып барады. Шаңарақ ҳәм шаңарақ мәселелери бәрҳама мәмлекеттиң итибарында ҳәм қорғаўында болып келмекте. Жәмийет раўажланыўын ҳәрекетке келтиретуғын ҳүжжет болған баслы Нызамымыз – Конституциямызда шаңарақ мәселесине де айырықша итибар берилген. Конституциямызда: “Шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны ҳәм де жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе”, деп жазылған.
Шаңарақ – бул Ўатан ишиндеги кишкене әжайып Ўатан. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың айтып өткениндей, “Әўладлар даўам етиў ўақтын тәмийинлейтуғын руўхыйлық қорғаны бул – шаңарақ болып саналады”.
Бүгинги күнде бәршемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз – инсаныйлық миннетимиз бәркәмал әўладты тәрбиялаўдан ибарат болып табылады. Сол себепли де мәмлекетимизде барлық ийгиликли жумыслар алдын ала шаңарақларды беккемлеў ҳәм жас әўладтың жарқын келешегин тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атыр. Себеби, шаңарақ саламат болса, жәмийет беккем, жәмийет беккем болса, мәмлекет турақлы болып есапланады. Балалар тәрбиясына тек ғана шаңарақ, тәлим-тәрбия мәкемелери ғана жуўапкер болып қалмастан, ал мәҳәлле де жуўапкер болып саналады.
Ҳәзирги заман шаңарағының социал-психологиялық машқалаларын үйрениўге арналған психологиялық әдебиятларда неке алды факторларының түрлише формалары, көринислери парық етеди, атап айтқанда:
1. Шаңарақлық турмысқа жетиклиги, 2. Шаңарақ қурыў мотивлери, 3. Некеге шекем танысыў мүддети, 4. Неке қурыў жасы, 5. Неке қурыў шәртлери, 6. Шаңарақлық турмыс ҳаққында қыяллары.
Усы факторлар бойынша болажақ ҳәр бир жас шаңарақ ийелериниң кең түсиникке ийе болыўы зәрүр.
Сондай екен шаңарақ қурыў бул үлкен жуўапкершилик екенлиги болажақ жас келин-күйеўлерге сиңдирилиўи оларды психологиялық шаңарақ қурыўға таярлаў жигитлерге мәртлик, шаңарағына садықлық, меҳир-муҳаббат, ҳәр қандай жағдайда шаңарағының намысын сақлай алыўды үйретиў қызларымызға болса ярына муҳаббат, шийрин сөзлилик, сабырлы болыўды үйретиў бахытлы шаңарақ сырлары деп айта аламыз.

Ильназ
ДУРЫСБЕРГЕНОВА,
Шымбай районы Әдиллик бөлими, ПХАЖ бөлими 2-дәрежели инспекторы.