БАРЛЫҒЫ ӨМИР ГҮЛЛЕРИ УШЫН

Бүгинги күнде Президентимиз басламасы тийкарында жас әўладты тәрбиялаў бағдарында бир қанша реформалар әмелге асырылмақта. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң искерлигин еле де раўажландырыў мақсетинде мәмлекетлик емес шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шѳлкемлериниң искерлиги көзге көринеди.

Нѳкис қаласы 23-санлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағында да усы жылы және бир жаңа мәмлекетлик емес, шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми ашылып, жумыс баслады.
Бир тәрептен ата-аналар мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шѳлкемлерине енди узақ ўақыт нәўбет күтип ҳәлекшилик машақаты жеңилленгенине қуўанышлы. Екинши тәрептен, кѳпшилик ата-аналар перзентлерин апарып-әкелиўге үйлерине жақын орын екенлигин де есапқа алады.
Усы аймақтағы «Золотой ключик», («Алтын гилт») бала бақшасы 23 орынға мѳлшерленген болып, ҳәзирги ўақытта 13 бала тәлим-тәрбия алып атыр. Керекли барлық әнжам-үскенелер менен тәмийинленген. Бир педагог-тәрбияшы, тәрбияшы жәрдемшиси, аспаз ҳәм мийирбийке жумыс ислемекте. Англичан ҳәм рус тиллерин үйретиў жолға қойылған.
-Ѳзимниң кәсибим-мийирбийке. Тәғдир сынағы екен, 2005-жылы ѳмирлик жолдасым қайтыс болып қалды. Үш перзентим менен аўыр күнлерди басымнан кеширдим. Шүкиршилигим кѳп, ата-енем алдымда. Олар маған бар ақыл-кеңеслерин берип отырады. Тийисли орынларға жолығып, жақсы нийет пенен усы «Золотой ключик» мәмлекетлик емес шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шѳлкемин аштық.
Президентимиз, ел басшыларына кѳп-кѳп рахмет айтаман. Маған билдирилген исенимге ылайық болыў-баслы парызым – деп билемен. Алдағы режелерим, балалар майданшасын қурып, питкериў, ҳәр бир ата-ана ыразы болып, ѳмир гүллери болған балалар заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўында баслаған жумысымыздың тийкары болып есапланады, – дейди Гүлшад Ниязалиева. Ҳәр бир шаңарақтың бахты болған әзийз перзентлердиң тәлим-тәрбиясына ѳз үлесин қосыўды нийет етип енди жумыс баслаған мәмлекетлик емес, шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми жумысларына табыслар тилеймиз.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Ѳз хабаршымыз.