КҮНСУЛЫЎДЫҢ ТАБЫСЫ

Ташкент қаласында медицина жоқары оқыў орынлары студентлериниң халықаралық ,,Медицина хәм инновация» олимпиадасы болып өтти. Ташкент мәмлекетлик стоматология институтында Россия, Қазақстан, Қырғызстан, Өзбекстан, Ҳиндистан, Әзербайжан мәмлекетлеринен хәмде Ташкент медицина академиясы хәм филиаллары, Ташкент педиатрия институты, Самарқанд мәмлекетлик медицина университети, Әндижан, Бухара, Қарақалпақстан медицина институты, Ферғана жәмәәтлик саламатлықты сақлаў институтларының 500 ден зыят студентлердин қатнасыўында өткерилди.
Усы Олимпиадаға мектебимизди оқып питкерген Қарақалпақстан медицина институтының балалар стоматологиясы факультетиниң 4-курс студенти Күнсулыў Қулымбетова қатнасты ҳәм абсолют чемпион атанды.
Мектепте жақсы оқыған ҳәм тәрбиялы оқыўшы жоқары оқыў орнында да өзин жақсы тәрепинен көрсете алады,себеби жоқары оқыў орнындағы жасларға жаратылған имканияттан дурыс, өнимли пайдаланыў жоллары оғада көп.

Күнсулыў олимпиадаға қатнасыў ҳуқықын жеңип алар екен,онда өзине деген беккем исеним күшейип, Ташкентке атланды.
Қатарынан алық оқыўшым «балалар стоматологиясы» жөнелисинен қатнасып, теңлеслеринен әдеўир алдыға түсип кетти.
Тәбиятынан сабырлы, салмақлы, тынық, пысық Күнсулыўдың айрықша қәсийети, алдына қойған мақсетине жетиўде ҳеш ериншекликке берилмейди ямаса «бүгинги исти ертеңге қоймайды».
Әдебий китаплар оқыў балалықтан киятырған қәсийети.
Инглиз, орыс тиллерин емин-еркин билетуғын, химия-биология пәнлерин терең өзлестирген Күнсулыўға Олимпиада жүдә қыйыншылық туўдырмады.
Мектепте оқып жүрген дәўиринде Күнсулыў инглиз тилинен олимпиадаға қатнасып, Өзбекстан Республикасы көлеминде үшинши орынды алған еди.
Бул жеңислерге жетиўде Күнсулыў өзиниң биринши муғаллими Гүлзира Жапақоваға миннетдар.
Келешек жаслардики деген сөзлер бәлентпәрўаз сөзлер емес, усындай озық ойлы, қатарының алдында жүрген Күнсулыў қызыма: Қанатың талмасын, оқыўыңды даўамлап, елге белгили илимпаз, елимиз нәрестелериниң денсаўлығын тиклейтуғын, тислерин жылатпай емлейтуғын балалар тис врачы болғайсаң, деп тилеп қаламан!

Оралхан САПАРОВА,
Нөкис қаласы, 34-санлы мектеп директоры.