«БИР ТУҚЫМЫҢ МЫҢ БОЛСЫН», ДИЙҚАН

Ҳәзирети дийқан. Әзелден ел дәстүрханының молшылығынан дәрек бериўши мийнет адамлары. Бәҳәр келсе дийқан және де шыйрақласады. Бир қарағанда атыз-атыз болып жатырған кең далалар, дийқанның мийнет майданы. Сол жерлердиң ҳәр бир қарыс жерин, ойлы-бәлентин бәрин дийқан ғана түсинеди. Сонлықтан да, «жер менен тиллескендей» олар ана жер баўырын ийдире алатуғын әжайып инсанлар.
Быйылғы бәҳәр ерте ҳәм жаўын-шашынлы болып келгени ҳәммемизди сүйсиндирмекте. Хожели районы Әмиўдәрья АПЖ дағы Юсупбек Жаркенов басшылығындағы фермер хожалығы да быйыл «бир туқымым мың болсын» деген жақсы нийет пенен шигит егисин баслаў алдында.
– «Жарқынбий» фермер хожалығымызды 2018-жылы аштық. 130 гектарға шамалас жер майданымыз бар. Быйыл пахтаның «Султан» деген сортын егемиз. Фермер хожалығымызда алты жумысшы ислейди. Техника-дийқанның қол-қанаты ғой, еки МТЗ-80 ҳәм еки Т-28 тракторымыз бар.
Дийқан ушын егис мәўсиминиң ҳәр бир күни, ҳәр бир сааты ғәниймет. Тапқа келип, егиске таярланған жерлер ўақыт ѳткерилмей, ўақтында егилиўи ертеңги мол зүрәәтке тийкар болады, – дейди Юсупбек Жаркенов.
Ҳақыйқатында да дийқанлар жерге туқым егип, егис мапазының басланыўы алдынан да кѳп мийнет етеди. Қыс қәҳәри кейин шегиниўден-ақ, қолына белин алып, атызын айналып шығады. Күн сайын жақынласып қалған егистиң ѳзине тән жумысларын баслайды. Жап-салмаларын қазып, шел шабады.
Қуўрақ шѳплерден тазалап, атызын бәҳәрге таярлайды.
Мине, дийқанның күткен күни де келди. Қүдиретли техникалардың гүрилдеген сеслери пүткил аўылға сән берип, бәҳәр симфониясын баслаған яңлы. Бәҳәрдиң жипек самалы да оларға қосылып, бир иләҳий жағымлы нама менен ырғалғандай.
Ҳәммемиздиң тилегимиз, дәрьямыз да суў мол болып, атызларымыз дақылға толғай. Дийханларымыздың телеги дәнге толы болғай!
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА.
Ѳз хабаршымыз.