«Бул дүньяның көрки – адам баласы»

Жақында Қарақалпақ халқының уллы сөз зергери Әжинияз Қосыбай улының 199 жыллығына арнап, бабамыздың естелиги алдында «Бул дүньяның көрки-адам баласы» атамасында поэзия фестивалы өткерилди.
Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Нөкис қалалық бөлими басламасы менен өткерилген фестивалға Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары, улыўма орта билим бериў мектеплери дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар, жас қәлемкеш дөретиўшилер ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты.

Әдебий кешени Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, К.Каримов кирис сөз бенен ашып берди. Бабамыз естелиги алдына гүллер қойылды.
Буннан соң Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Нөкис қалалық бөлими баслығы Қ.Нуратдинов уллы классик шайырымыз Әжинияз бабамыздың әдебий мийрасы, өлмес шығармалары, шайырдың руўхый дүньясы ҳаққында жыйналғанларға кеңнен сөз етти.
Ҳақыйқатында да Әжинияз Қосыбай улының бийбаҳа шығармалары бойынша елимиздиң илим пидайылары тәрепинен монографиялар жазылып, илимий-изертлеў жумыслары алып барылып, оның дөретиўшилиги еле де тереңнен үйренилмекте.
Фестивал елимиздиң белгили шайыр-жазыўшылары ҳәм жас қәлемкешлердиң әдебий мушайрасы менен даўам етти. Өзлериниң жазған қосықларын жыйналғанларға оқып берди.
Поэзия фестивалы жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы болды.
Нуралы Кеңесбаев,
Нөкис қалалық 30-санлы мектеп оқыўшысы.