Халық тәғдирин белгилеўши ҳүжжет

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында Конституциялық реформалардыӊ мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине бағышланған үгит-нәсият илажы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасыныӊ депутаты М.Ибрагимов қатнасып, жаӊа редакцияда қабыл етилип атырған Конституцияныӊ мәмлекетимиздиӊ айдын келешегин ҳәм пуқараларымыздыӊ тәғдирин белгилеўдеги әҳмийетине тоқталды.
Атап өтилгениндей, бүгинги күни пүткил елимиз бойлап жаӊаланып атырған Конституцияға киргизилип атырған өзгерислер менен қосымшалар, оныӊ әҳмийетине бағышланған үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилмекте. Халқымыздан көплеген пикир-усыныслар келип түсип, олардыӊ ҳәр төртеўинен бири жойбарға киргизилген.

Әлбетте, жаӊаланып атырған Бас нызамымызға киргизилип атырған өзгерислер менен қосымшалар биринши гезекте инсан қәдири, оныӊ абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етеди. Соныӊ менен бирге, жаслар, олардыӊ билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, өзлериниӊ қәбилетлерин жүзеге шығарыўларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, билимлендириў тараўын жетилистириў нәзерде тутылмақта. Бул жасларымыз ушын еле де кеӊ имканиятлар жаратып береди.
Ҳәр күни өткерилип атырған үгит-нәсият илажларында түрли кәсип ийелери, нураныйларымыз, соныӊ менен бирге жасларымыз бул ҳаққында айрықша қанаатланыўшылық пенен айтып өтпекте. Бундай илажлар арқалы халқымыз, соныӊ ишинде жасларымыз Конституцияға киргизилип атырған жаӊа нормалар, олардыӊ инсан тәғдири, мәмлекетимиздиӊ айдын келешегин тәмийинлеўдеги әҳмийети туўралы кеӊ түсиникке ийе болмақта.
Илаж соныӊда филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар болажақ референдумда белсене қатнасыўға шақырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.