МЕҲИР

Әкем жүзиндеги отсаң шақнаған,
Анам көзиндеги нурсаң жайнаған!
Инсан жүрегине заңсаң жазылған,
Булақсаң, ишсем де шөлим қанбаған!

Уллылар да дизе бүгер алдыңда,
Орныңды басалмас ҳәтте алтын да!
Дүнья инамларын үлестирерде,
Инсанның жүрегин таңлап алдың ба?!

Көркисең қәдирли кеўилдиң, көздиң,
Инсанды аймалар сүйкимли сөздиң.
Жанға жақын қәдирданды еслеткен,
Ықлас пенен баққан мийримли жүздиң!

Табынар алдыңда ғарры да, жас та,
Көз жас ендиресең баўыры тасқа.
Әлемге татыўлық туқымын сеўип,
Сырлар айтқызарсаң қурбы-қурдасқа!

Ҳеш бир гия саған теңлесе алмас,
Емиңнен қәстелер жазылмай қалмас.
Булағыңнан татып көрген инсанның,
Бул гөззал өмирде әрманы болмас!

Жубатыў, қуўантыў-уллы хызметиң,
Пәк жүректен өзиңе жай изледиң.
Базда қәдириңди төмен қылса да,
Инсанларға тек жақсылық гизнедиң!

Гулжахан БАЙМУХАНОВА,
ϴзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти.