Үлкемизге бәҳәр келип көк өнимлери, ерте писер мийўелер базарымызда көбейип атыр. Ҳәммемиз билемиз қысы менен бундай өнимлердиң баҳасы сәл қымбатлаў болып, бәҳәр келиўден арзанлайды, сонлықтан усы өнимлерди бүгинги күнде көплеп сатып алып жеўге ҳәрекет етемиз. Енди базардан алынған усы өнимлерди қалай тағам ретинде пайдаланыў кереклиги ҳаққында бурын жақсы билсек те және бир мәртебе еслегенимиз мақул. Әдетте бул өнимлер базарға бирден атыздан алыныўдан жетип келмей бир неше қолдан өтип келеди. Соның ушын ең биринши гезекте суўды мол ағызып қойып қайта-қайта жуўыўымыз керек. Бул әсиресе салат жапырағы, усаған бир неше қабат овощь өнимлерине тийисли. Себеби, ҳәр бир қабат арасында инсан өмирине зыянлы затлар болыўы мүмкин.
Екинши гезекте бундай өнимлерди қай ўақытта қанша муғдарда жеў керек екенлиги де әҳмийетли екени ҳақыйқат, айрым ўақытлары усы өнимлерди ретли, ретсиз жеў арқалы да асқазанымызда қолайсызлық пайда болады. Ал, енди бундай овощь, палыз өнимлерин кишкене балаларға бериўде жүдә ҳәм итибарлы болыўымыз керек. Олардың бундай витаминлерге бай пайдалы өнимлерди белгили муғдарда қабыллаўы денсаўлығын беккемлеп дурыс өсиўине айрықша тәсир етеди. Соның ушын ҳәр биримиз жас нәрестелердиң ҳәм өзлеримиздиң денсаўлығымызға итибарсыз болмаўымыз керек. Енди алдымызда жаз айы кирип келеди, күн қатты ысып, базардағы өнимлердиң жақсы сақланыўына тәсир етеди. Олар күн даўамында қарыйдарға жетемен дегенше қандайда бир дәрежеде сапасын жойтады. Және оларды басқа өнимлердей көп етип алып қойыў да керек емес.
Ҳәр күни аз-аздан керекли муғдарда алып көп сақламай пайдаланыўымыз керек. Соның менен бирге шыпакерлеримиздиң бул бойынша берген мәсләҳәтлеринде дурыс түсингенимиз мақул, себеби денсаўлық бизиң ҳәр биримиздиң бийбаҳа байлығымыз. Халқымыз «Денсаўлық терең байлық» деп даналық пенен бизге жүдә ҳәм жақсы нәсият айтып кеткен. Демек, денимиздиң саўлығы өзимиздиң итибарлы болыўымызға тиккелей байланыслы екенин умытпайық.
Эльмира Аймуратова,
РКМЖИО Қарақалпақстан филиалы, Балалар хирургиясы мийирбийкеси.
