Нѳкис қалалық 36-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Дүньяның жарасығы гүлтажы, ҳаял!» атамасында әдебий саз-сәўбетли кеше болып ѳтти.
Кешени мектебимиз директоры Айнагүл Жолдасова ашып берди. Кешемиздиң қәдирли мийманы Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Дослық» ордени ийеси, шайыр Гүлистан Дәўлетова болды. Кешени ѳткериўдеги мақсет жас әўладқа китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў, китап оқыў сырларын үйретиў ҳәм елимиздеги шайыр-жазыўшылар менен таныстырыўдан ибарат болды. Кешеге қатнасқан оқыўшылар шайырдың қосықларынан кѳркемлеп айтып берди ҳәм 7-класстың әдебият пәни сабақлығына киргизилген «Тумар қыз» тарийхый поэмасынан сахналық кѳринислер қойып берилди. Сондай-ақ оқыўшылар ѳзлери қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Кешемиздиң мийманы Гүлистан апа Дәўлетова ѳзиниң жаңа қосықларынан оқып берди ҳәм мектеп китапханасына китаплар
ын саўға етти. Және де соны айтыўымыз керек Г.Дәўлетованың 150 ден артық қосықларына нама жазылып, бүгинги күнде қосықшылар тәрепинен атқарылып киятыр. Кешеге мектептиң руўхый ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Зияда Турсынова, кәсиплик аўқам комитети баслығы М.Нурқабулова ҳәм басқа да пән муғаллимлери қатнасып, әжайып кешени мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлери шѳлкемлестирди. Әсиресе, қарақалпақ тили пәни муғаллими Бағда Раманова ѳзи басшылық етип атырған 5-класс оқыўшылары менен биргеликте шайырдың жазған нама қосықлары менен қатнасып, өзгеше мазмун бағышлады. Кеше мазмунлы ҳәм қызықлы түрде ѳткерилип, қатнасыўшылардың ядында узақ ўақытлар сақланып қаларлық дәрежеде болып ѳтти. Мектеп директоры А.Жолдасова келген мийманларға ѳзиниң миннетдаршылығын билдирди.
Зульфия
ПАХРАТДИНОВА,
Нѳкис қаласы, 36-санлы мектептиң дѳретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы.
