ШЕКСИЗ ИМКАНИЯТЛАР

Кейинги жылларда мәмлекетимизде жаслар мәселесине ҳүкимет сиясаты дәрежесинде итибар қаратылып, олардың билим алыўлары ушын имканиятлар есиги ашылмақта. Буның бир мысалына жеке жоқары билим алыў оқыў орынларының ашылыўы да студент болыў нийетинде жүрген жасларға үлкен бир мүмкиншилик десек болады.
Ҳәзирги күнде Ѳзбекстанда 70 тен аслам ҳүкиметлик емес оқыў орынлары хызмет жүритпекте. Әне солардың қатарына Қарақалпақстан Республикасы Хожели районында жайласқан Нѳкис инновациялық институтының ашылыўы да үлкен жаңалықлардың бири болды. Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы ҳәм қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде кѳплеген жаслар студент болыў бахтына еристи. Журтымызда инсан қәдирин улығлап, ѳсип киятырған жасларымыздың мәдений руўхыятын еле де кѳтериў, саламат пикирлеўши жоқары дүньяқарасқа ийе болыўлары ҳәзирги заман талапларының бири десек қәтелеспеймиз.
Нѳкис инновациялық институтының материаллық-техникалық базасы туўралы қысқаша мағлыўмат беретуғын болсақ, ҳәзирги ўақытта институтымызға 3000 нан аслам жаслар студентликке қабыл етилген болып, олар 7 жѳнелис бойынша билим алмақта. 60 қа жақын профессор-оқытыўшылар сабақ, шынығыўларды жоқары дәрежеде алып бармақта. Институтымыз ең соңғы заманагѳй технологиялар менен толық тәмийинленген. Солардан студентлер жасаў үйи, китапхана, спорт зал ҳәм компьютер технологиялары орнатылған ханалары бар. Бундай шараятлар студентлердиң излениўлери ҳәм сыпатлы билим алыўлары, сондай-ақ, берилген тапсырмаларды жоқары дәрежеде орынлаўы ушын хызмет етеди. Буннан тысқары, институт қарамағындағы ҳәр бир бѳлме ең күшли дәрежедеги интернет тармағы менен тәмийинленген.
Соны айтып ѳтпекшимен, соңғы ўақытлары жасларымызға кѳрсетилип атырған ғамқорлықлар ҳәр бир тараўда жеделлесип бармақта, буннан ҳәр бир жас үнемли пайдаланып, елимизге керекли кадр болып жетилисиўи ушын талпыныўларын қәлер едим.
Илҳам Сабиров,
Нѳкис инновациялық институты ректоры.