«ТАЛАНТ ЖЕРДЕ ҚАЛМАС»

Ҳәзир заманның бағытына қарап, ҳәмме жерде жаслар жетекшилик етпекте. Себеби, талант жерде қалмас дегендей, ѳзлериндеги барын шығарып, зор ҳүрмет-иззетке, хошаметке ерисип атырғанлары кѳпшиликти қурайды. Бул әсиресе, спорт тараўында кѳплеп кѳзге тасланады.
Мен денетәрбия муғаллими болып ислеп киятырған, Елликқала районындағы 18-санлы мектепте де спортқа қызығыўшы жас ѳспиримлер талай ғана. Институтты питкерип, усы мектепке муғаллим болып келгенимнен баслап-ақ белбеўли ҳәм үш гүрес дѳгерегин аштым. Неге дегенде мектепте оқыўшылардың қызығыўшылығының күшли екенлигин есапқа алып, шынығыўларды, соңынан жарысқа таярлықларды баслап жибердик.

Гәптиң қысқасы ҳәзирги күнлерге келип, мийнетимниң жемисин татып атырман, – десем асыра айтқан болмайман. Себеби, мен таярлаған оқыўшыларым усы ўақытларға келип Қарақалпақстан ҳәм Ѳзбекстан Республикаларының чемпионларына айланған. Мәселен, 2022-2023-оқыў жылында Сурхандәрья ўәлаятында ѳткерилген Ѳзбекстан чемпионатында 17 оқыўшым қатнасып, олардан Зухра Ғаниева, Қундыз Рейимбаева, Атабек Камалов, Гулноза Алимова 1-орынды жеңип алған болса, Шахжәҳән Шерипбаев, Зилола Розмәмбетова 2-орынды ийелеп, чемпион болып қайтты.
Бул тек мектепти емес, ал пүткил район халқын қуўанышқа бѳледи. Мениң сонша жылғы мийнетлерим инабатқа алынып 2022-жылы 1-октябрь «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамында «Ѳзбекстан Халық билимлендириў ағласы» кѳкирек нышаны менен сыйлықландым. Бул менде жасларды еле де чемпион етип шығарыўымда буннан да кѳп жуўапкершиликлер жүклейди. Мен алдағы ўақытлары да келешек ийелери болған Ўатансүйгиш нәўқыран жасларды тәрбиялаўда аянбай мийнет ислей беремен.

Елмурат Аннаев,
Елликқала районы, 18-санлы мектептиң муғаллими.