Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң стипендиясы енгизиледи

“Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарар менен Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги искерлигиниң баслы бағдарлары ҳәм де шөлкемлестириў структурасы тастыйықланды.
Қарарға көре, 2023-2024-жылларда “Жаслар дәптери” системасы арқалы жасларға көрсетилетуғын социаллық-экономикалық хызмет түрлери 1,5 есеге шекем асырылады;
– жасларға социаллық-экономикалық хызметлерди көрсетиўде олардың талантынан өнимли пайдаланыўға қаратылған социаллық шәртнамалар әмелияты енгизиледи;
– мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң жасларды қоллап-қуўатлаў системасы “Жаслар балансы” тийкарында жаслардың социаллық жағдайы, қызығыўшылығы ҳәм машқалалардың өзгешелигинен келип шығып жолға қөйылады.
2024-жыл 1-январьға шекем спорт тараўын санластырыў бойынша
24 бағдардағы мәлимлеме системаларын өз ишине алған “ЕРП Спорт”
бирден-бир электрон басқарыў системасы иске түсириледи.
Бунда:
– спорт тараўындағы қәрежетлер системада ашық сәўлелендириледи;
– орынларда қурылатуғын тийисли спорт объектлери ҳәм сооружениелериниң кеминде 30 проценти усы электрон система арқалы усы аймақта жасаўшы халық тәрепинен даўыс бериў жолы менен анықланады.
2023-жыл 1-июльдан баслап, спортшы идентификация карталары ушын төлемлер муғдары үш есеге кемейтирилип, олардан пайдаланыў мүддети 5 жыл етип белгиленеди ҳәм де “θзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң стипендиясы” енгизиледи.
Бунда, стипендия муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси етип белгиленеди ҳәм де усы стипендия тайынланған спортшыларға Президенттиң тийисли қарарында белгиленген тәртипте өзин-өзи бәнт етиў ҳуқықы бериледи.
2024-жыл 1-марттан спорт түрлери бойынша өткерилетуғын рәсмий жарыслар, Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубогында қатнасыўы ушын спортшылардың классификациясы ҳәм олардың маманлығын идентификация карталары (ИД-карта) арқалы анықлаў тәртиби енгизиледи.

Зебо Базарбаева,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими бас мәсләҳәтшиси.