Жақында Қарақалпақстан Медицина институтының билимли студентлери Ташкент қаласында болып ѳткен «Медицина ҳәм инновация» халықаралық студентлер олимпиадасына қатнасып келди.
Бунда бес жүзден зыят дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген студентлер, елиўден аслам жергиликли ҳәм халықаралық экспертлер қатнасты. Студентлер қырық бир жѳнелис бойынша ѳз-ара беллести. Тийкарғы мақсети-стомото
логя бағдарында тәлим алып атырған студентлерде профессиональ кѳнликпелерди қәлиплестириў ҳәм кәсипке бағдарлаў ислерин жетилистириў ҳәм жоқары оқыў орынларында тәлим алып атырған теңлеслери менен қарым-қатнасын раўажландырыўдан ибарат болды. Онда стомотология бағдарында оқып атырған студентлер жоқары нәтийжелерге ерисип, сыйлы орынды ийеледи. Атап айтқанда, балалар стомотологиясы бағдары студенти Күнсулыў Кулимбетова толық жеңимпаз, терапевт стомотологиясы бағдары студенти Азиза Сапарбаева 2-орынды, ортопедия бағдары бойынша студенти Асылбек Қошқарбаев 3-орынды ийеледи.
Жоқары оқыў орынлары студентлериниң билим ҳәм излениўшилиги сынға алынған халықаралық олимпиада да Қарақалпақстан Медицина институты тәрепинен таярланған «Ең жақсы видеоролик» илимий жойбары ушын сыйлы 2-орынды ийеледи.
Ж.ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.
