Гүз жыйын-терим мәўсими болғанлықтан аўыл адамларыниң жумысы тек атызда. Мийнетиниң жемисин алыў ушын тынбай жумыс ислейди. Атызларда пахталар ашылып, терген сайын тергиң келди. Пахтакешлер де бир-бирине жарысып күнди солай батырады. Мийўа апа жасы да бир жерге барып,напақадағы адам болса да пахтаны жақсы тереди. Жалғыз басы менен жалғыз улын кем қылмай өсирип, оқытып жумысқа киргизди. Сейтжан да билимли, ақыллы. Өзине усаған оттай педагог. Аўылдан қалаға қатнап,жумыс ислеп шаршамайды. Сейтжан әкесинен ерте айрылды. Әкеси кеселликке шалынып, төсекте де көп жатпады. Гүз де ақырлап, пахта теримде жуўмақланыў алдында еди. Сол күнлерде аўылдагы адамларды қуўандырған және бир хабар келди. Атыздағы узын бойлы, қара баланың, – айтыўшыман, Гүмис апаның баласы Марат үйленип аўыл-елди шақырып шашыўға айтып атыр. Ертен түске қалмай барыңлар – деген даўыс еситилди. Ҳәммениң жүзинде қуўаныш пайда болды. Марат Сейтжанның жан жорасы. Кишкенелигинен бирге ойнап өсти. Қыз алып келерде де Сейтжан қасында еди. Мийўа апаның да қуўанышының шеги жоқ себеби Маратты да өзиниң баласындай көреди. Қуўанып, қуўанып пахтадан қайтып киятырған аўыл ҳаяллары:
– Ҳаў, Мийўа Марат Сейтжанның жан достысы емес пе? Ҳаў ендиги нәўбет сениң үйиңде шашыў екенғо… Сейтжан да тезирек үйленсе өзимиз хызметте боламыз деп Мийўа апаның кеўилин көтерди.
– Аўа, Сейтимниң жан досты. Қуда қәлесе Сейтжанды үйлендирип келинли боламыз, деп сөзин қысқа қылды.
Ертеси күни пахтадан дем алысқа руқсат сорап, ҳәмме шашыўға барды. Кешқурын Мийўа апа баласының қасына келип.
– Балам, сен де жүре берме үйлен. Мен де келин жумсайман. Кеўлиңе алғаның болса айт, өзим барып үйиндегилерди көндиремен. Сейтжан да анасына күлимлеп қарап.
– Анажан әлбетте, үйленемен. Аўа, кеўлиме алғаным бар. Буны сизге айта алмай жүр едим. Бирақ, ол қыз илим менен бәнт турмыс ҳаққында сөз ашсам ҳәрдайым, мен оқыўым керек – деп турып алады. Ал, ертен оқыў ушын шет елге кетип баратыр. Анажан, ол оқыўды қатты жақсы көреди. Ҳәммесинен үстин қояды. Ал мен оны жоғалтыўдан қорқаман. Ол сол жақларда қалып кетсе ше? Меннен де жақсы баланы ушыратып қалса ше? Мен оны қайтып көрмесем ше? Бирақ ол жүда ақыллы, ана ол сизге жүдә уқсайды.
Мийўа апа да күлимсиреп: әй балам-аў сонша дәртиң бар екен неге айтпадың?
Билесең бе балам, ҳеш ким өз елин, жақынларын таслап узақларға кете алмайды. Ҳәтте гүзде кететуғын қуслар да бәҳәрде қайтып келеди,сен тек ғана сабыр ет,деп баласының маңлайынан бир сүйип қойды.
Жыйын-терим де таўсылып, қыс кирип келди. Сейтжанда өз илимий жумыслары менен бәнт болды. Ҳә, демей-ақ қыста қәҳәрли суўықларын таўысып, бәҳәр де кирип келди. Және егин егиў, жерлерди егиске таярлаў жумыслары басланып кетти. Мийўа апа жер аўдарып атырған баланың қасына келип, – тереклер де бөртип, тәбиятқа жан енип атыр, ана қатарласып киятырған тырналарды көрдиңбе, балам? Сейтжан анасына күлимлеп, аўа көрдим анажан. Менде жүдә қуўанышлы хабар бар ҳәзир ғана болажақ келиниңизден қоңыраў келди. Оқыўы тамамланып қайтып киятырған екен. Кеште самолёт Нөкис әтирапларына қонады.
– Ҳаў, балам нени күтип атырсаң бар таярлан. Самолёт қоныўы менен қызды үйге алып кел. Я болмаса самолётты үйдиң қасына қондыр. Тѳбелери көкке жетип қуўанысты.
– Әне балам, не деп едим? Қуслар қайтып келеди.
Зулфия ТӨЛЕБАЕВА,
Кегейли районы 33-санлы мектебиниң 11-класс оқыўшысы.
