– Мен Азизбек Жаңабаев деген жигит едим, Туркияда студентпен. Бир нәрсе сорайын – деп едим. Азиз Несинниң бир сатиралық гүрриңин қарақалпақ тилине аўдарып едим, соны усы жаслар газетасында шығарғым келип тур. Я газетада аўдармаланған шығармалар басылмай ма?
Унамлы ҳәм унамсыз жуўап күтемен, рахмет. Усылай Азизбек бенен социаллық тармақ, яғный qq jaslar.uz газетамыздың сайт каналы арқалы танысып, гүрриңлестик.
Азизбек Жаңабаев Туркиядағы жер силкиниўден оқыўы онлайнға ѳтип, ҳәзир ата-анасының алдында. Аралықтан билимин даўам еттирмекте.
Азизбек Жаңабаев 2003-жылы Шымбай районында зыялылар шаңарағында туўылған. Әкес
и Турдыбек Худайбергенов райондағы 16-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры, ал анасы Шолпан Қудиярова районлық 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими. Усындай әжайып жоқары мағлыўматлылар шаңарағында тәлим-тәрбия алған ол, Әжинияз атындағы Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2020-2022-жыллары студенти болады.
Студентлик ўақыт ҳәр тәреплеме билимге умтылатуғын, имканиятлар менен қолайлықлардан пайдаланатуғын жыллар.
Азизбек де «Turkiya Burslari» сайты арқалы ҳүжжет тапсырып 2022-жылы Туркия Республикалық «Туркия бурслары» стипендиясын жеңип алыўға ериседи. Ѳз мийнети ҳәм билими арқалы грант утып алған жерлесимиз институттағы оқыўын ўақытша тоқтатып, Туркияның Истанбул қаласында жайласқан ең абырайлы университетлердиң бири болған Истанбул университетиниң әдебият факультети Тюркология бѳлиминде билим алып атыр.
«Билимиң болса қыр асарсаң» дегендей ѳз елинен узақта, сондай раўажланған мәмлекетте билим алыўының ѳзи Азизбектиң билимге қуштарлығын, келешегине деген умтылысын кѳремиз.
Ол билим алып, оқып атырған қәнигелиги бойынша оқыўын яғный магистратура басқышын Германия, Венгрия яки Польша мәмлекетлеринде даўам еттириўди нийет етпекте.
– Илимий мақалалар жазып, аўдарма менен шуғылланыўға қызығыўшылығым күшли.
Ҳәзирги ўақытта Муратбай Нызановтың гүрриңлерин ҳәм Кеңесбай Каримовтың «Уллы дашт бѳрилери» романын, түрк әдебиятынан болса Азиз Несин, Сабахатдин Алидиң шығармаларын аўдарып атырман.
Дүнья оқырманлары бул китапты оқыўы керек-аў деген қарақалпақ әдебиятындағы прозалық шығармаларды аўдармалаўды даўам еттирмекшимен. Соныда айтып ѳтиўим керек, Туркияда оқып атырған жерлеслерим менен қарақалпақстанлы студентлер клубын шѳлкемлестирип, ҳәмме ушын қарақалпақ тилин бийпул үйретиўши курс ашыў нийетим бар, – дейди Азизбек Жаңабаев режелери туўралы.
Перзентиң болса, усындай билимли, ақыллы болсын-дә деп ҳәўес етесең. Узақта жүрип, елиңди, жақынларыңды сағынасаң…
…– 29-октябрь – Туркияда Республика байрамы. Сол күни мен Туркия ҳәм Қарақалпақстан байрақларын кѳшеде қолыма услап жүргенимде мени биреў тоқтатты. Ол мениң қарақалпақстанлы екенимди билгени ушын қатты қуўанып кеткенмен…
Әлбетте, узақтағы сағынышлар, мийнетлериңниң жемисин, жоқары мағлыўматлы кадр деген қатты қағаз диплом менен елге аман-есен қуўысқан ўақытлары бәри-бәри изде қалып, теңлес досларыңа ѳрнек болатуғыныңа исенемиз.
Зибира АБДИНИЯЗОВА.
Редакциядан: А.ЖАҢАБАЕВтың аўдарған шығармасын газетаның 6-бетинде оқыйсыз.
