Жаслардың ғәрезсиз турмысқа қәдем қойыўлары, өз жумысларын баслаў ушын шараятларды кеңейтириў, олардың бәнтлигине көмеклесиў, турақлы жумыс пенен ҳәм де мүнәсип дәрамат алыўын тәмийнлеў бойынша алып барылып атырған реформаларды даўам еттириў мақсетинде усы жылдың 26-апрель күни “Жаслардың бәнтлигине көмеклесиў ҳәмде оларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға көре, 2023-жыл 1-майдан 2025-жыл 1-январьға шекем жумыс бериўшилерге (бюджет шөлкемлери, мәмлекетлик кәрханалары, устав фонды (капиталы)нда мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық шахслар, сондай-ақ, социаллық салықты 1 (бир) процент ставкада төлеўшилер буннан тысқары) олар тәрепинен 25 жастан аспаған хызметкерлер ушын төленген социаллық салық суммасы Мәмлекет бюджетинен толық қаплап бериледи.
Бунда, социаллық салық суммасы жас хызметкерлер 6 ай даўамында үзиликсиз мийнет искерлигин әмелге асырыўы шәрти менен жетинши айдан баслап қаплап бериледи.
Зебо Базарбаева
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими бас мәсләҳәтшиси.
