“ЖӘҲӘН МАҒАН ҲӘЎЕС ПЕНЕН ҚАРАСЫН!”

Нөкис қалалық мәденият орайы мәжилислер залында “Жәҳән маған ҳәўес пенен қарасын!” жас ҳәўескер бақсылар Республикалық таңлаўының Нөкис қалалық басқышы болып өтти. Онда аймақтағы улыўма орта билим бериў мектеплеринен 12-16 жас арасындағы ҳәўескер бақсылар қатнасып, таңлаў шәртлери бойынша өз өнерлерин көрсетти.
Таңлаў жуўмағында сыйлы орынды Гүлжайна Бийсенова ийелеп, таңлаўдың Республикалық басқышына жоллама алды.
Таңлаў жеңимпазлары Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.