МАЛ ҚОРА

(Даўамы. Басы өткен санда)
– Болды. Гәп жоқ. Малхана салып берейик те айнымастан бурын алмастырып жиберейик. «25» деген оқымыслы, зиялылар жасайтуғын аймақ ғой.
– Мениң жумысым баса-бас. Оның үстине имараттың ҳәлекшилигинен силикпем қурып, шаршаған адамман. Мал қораны өзиң саласаң.
– Ҳаў, мен қалай саламан? – Ол шоршып түсти.
– Мен салғандай жуўырып-жортып саласаң-дә, коттедж керек болса. Жайдың қасында пәскелтек, кишкене еки бөлме мал қора ҳәм жанына кишигирим етип бир жаз шәртек салыў ойыншық емес пе? Газ, свет тартып, котель қурмайсаң. Дийўалларын жақсылап ҳәклеп, сыбап, «евро» ислейин деп атырған жоқсаң: топан менен бир сыбасаң болды-дә. Төбесин де шиферлатып отырмайсаң – бир қара, бир топан ылай жүргизесең де қоясаң. Себеби, үстине от жыйналады. Жаўын, қар өтпейди, сонсын.
– Сонда да келистире алмайман-аў, аға. өзиң салып бере ғойса, – деп бурын еркелемейтуғын, бир зат айтса ҳәкиреңлеп кететуғын ул жумысы түскен соң маймыл болды ма дейсең. Әкесине жалынышлы қарайды. Еркелеп, қушақлап, бетин бетине басады. Атаниязды өжет деп жүрсек, оның иси түссе жалбырақлайтуғын да әдети бар екенлигин әке биринши рет билди. «Ҳәзиргиниң мақаў баллары-дә, – деп қойды ишинен, – Бүгинги заманда бундай болғанның да зыяны жоқ».
Бирақ бәри бир еримеди. Сынын да бузбады.
– Мен ақшасын таўып беремен. Гербишин, оны өриўшилердиң қол ҳақысын, ағаш, сабан, цемент, тас, бәрин-бәрин есаплап едим, он миллиондай кетеди екен. Сол ғәрежетти қолыңа саламан. Өзиң баслап, қасында болып питиресең. Ойлассаң, жол-жоба беремен. Ҳеш қыйын жери жоқ. Тәўекел, деп кирис.
Ҳәзир майдың иши. Алдың жаз. Асып кетсе жумыс арасында жүрип-ақ еки айда питирип аласаң. Сениң өзиң қара мийнетин ислейин деп атырған жоқсаң, мәрдикарларды жаллайсаң. Бирақ, айтып қояйын, бүгин-ертең сол жаққа көшип өт. Мал қора болса да басында жасап, ислетпесең, өнбейди, қатнап қыйналасаң. Қурылысшыларды бақлап тура алмайсаң. Олардың аўқат-шайы, суўы бар. Көшип барсаңыз келин соларын таярлайды.
Атанияз усыннан көп өтпей таза қонысқа көшти.
– Бир қатар көрпе-төсеклерди алып кетейин. Басқа дәскелерди биротала коттеджге көшкенде алармыз, – деп еди, әкеси қылмады:
– Яқ, алып кете бериң. Мал қораң еки айда пите ме, үш айда питиресең бе ким биледи? «Үлкен үйге не керек болса, кишкене үйге де сол керек» деген. «Анаўыңды берип тур, мына затыңды берип тур», деп қоңсыма-қоңсы шаўып жүресең бе? – деп болып Бабанияз гәп кейнинде, – Мүмкин, унаса биротала жерлесип қаласыз ба? – деп қосып қойды.
– Қаяқтағыны айтпаса, аға. Балтабай атам гәпинен таймаса мен таймайман. Меники бир гәп. Мейли, мал қорасын салып бергеним болсын. Илажы болса бир айдан асырмайман.
– Жолың болсын! Қонысларың жайлы болсын, балам. Өнип-өс! – Келин, баласына ақ пәтиясын берген әке бир «уҳ» деди, мойнынан үлкен жүкти түсиргендей. – Бүгиннен баслап меннен дәме етпейсең. Екеўиңизди де жумыслы етип қойыппан, күнлериңди өзлериң көре бериң, яқшы ма?
– Яқшы, аға. Рахмет!
Атаниязды әкеси билмей жүр екен, аңгөдек, еш нәрсеге басы айналмайды, деп жүргени бийкар екен, пысық шықты: анаў да керек, мынаў да керек, деп мал-дәскелерден пайын молдан алып, жора-жолдасын жәрдемге шақырып, еки «КамАЗ»ға жүклеп, таза қонысқа көшти. Еки-үш күн үйлерин төсестирип, затларын жайластырып жүрди.
Анық төртинши күнге қарап ғана мал қораны жумыслаўға муршасы келди. Әкеси: «Қора болса да астына ракошки қум түсирип, бийиклет. Ертең атызыңның суўы мал қораңның ишинен шығып турмасын», деген еди, соны инабатқа алып, жериниң аяғындағы бир мушқа бес машын ракошки түсирди. Оны жайып, тегислеў ушын мәрдикаршы алып келиўге базарға кетпекши еди, Айдана келин ақыллы шықты:
– Атан, мәрдикаршылар жайыўға, қапылғанда елиў-алпыс мың сорайды. Оның орнына екеўимиз баслап, мырзағаны шақырып үшеўлесек, кешке шекем болмаймыз ба?
– Ҳәй, қатын, айтқаның дурыс-әй. Ақша қалтамызда қалады. Ағам он миллион берди ме, аўыстырсам да қайтып алмайтуғыны анық. Тежесек, үйге пайда ғой… Бирақ, мен жумыс ислеп көрмедим-аў, келистире аларман ба екен?!
– Не келистирмеги бар, қызықсаң-аў, өзиң де. Бийик жерлерди жайып, мал қораға жетерли болар деген көлемди бийиклетемиз. Болып болып, жуўан доғалақ ағаш пенен урып, нығызлаймыз. Кейин шетинен қашы шаўып, ишин суўға толтырамыз. Болмаса ертең қора тырнағы шөгип, жарылып, өрген гербишлериң де айырылып, дийўал қулайды. – Ақыллы Айдана көп жасамаса да усы жайды салғанда шай-аўқатын писирип, мийнеттиң ишинде өзи де пискен, аталарының гәплерин еситип, көп нәрселерге қанық болып қалған еди.
Тырнақ асты еки-үш рет суў ишти. Ракошки бираз шөгип, нығызланды. Қаламасына қоңсысында «Волга» машина бар екен, сол менен алдыға-артқа жүрип, айдалып, мал қора асты әбден тас болды.
Атанияздың күндиз үй гүмирашылығы, түнде, ҳәтте, шай-аўқат ишкенде де «қосығы» мал қора, өз мөлдегин қоршаў, жерин атызлап, мына бәҳәрде бир нәрсе егип алыў болды. Ойласқаны, кеңескени усылар еди.
«Малхана тырнағын бетоннан қурсақ жигирма-жигирма бес қалта цемент кетеди. Еки машын щебень, үш машындай көк тас керек болады. Бәри қымбат. Опалубка керек. Өйткенше сары тас түсирип, өргизсек те болар еди. Мал қораға бәле келмес. Өмирлик емес қой» деп шешти.
– Арзан түседи. Қол ҳақысы да бетон қуйыўшылардикинен қымбат болмайды.
– Дурыс айтасаң, – деди ақыллы келин Айдана. – Мениң әжағам Аймурат тырнаққа тас өрип биледи. Жәрдем бер, деймен. Жүдә қыйналса азы-кем ғәрежет берермиз.
– Аға, – дейди қуўыршағы менен ойнап отыр десе, булардың сөзине қулақ салып отырған үш жасар қызы Қансулыў быдырлап сөйлеп, – Тыннақты аззан ислесеңиз аўысқан ақсасына маған келинсек көйлек алып бериң. Бақсадағы барлық қызлардың келинсек көйлеклери бар. Яшшы ма?
– Ал, тежей ғой, – дейди Айдана ақ келин.
– Ҳә, сен-әм, ақшаны қаяққа жеткериўди билмей турғанымда ыңғырыўлайсаң-аў. Ҳәзир алып бере алмайман! – деп қызына жеркип жиберди Атанияз.
Қансулыўдың жүзи жабылып, муңайып, әкесиниң бақырысынан қорқып, тым-тырыс, бир қысым болып қалды.
Кеўлин өкситпейин, деп ақыллы Айдана қызын қушақлап баўырына басты.
– Қызым, аз-маз сабыр ет, тура тур. Жақында мен айлық аламан. Соннан алып беремен. Гулка, Бийбинурлардикинен де сулыўын аламыз, яқшы ма?
Кемислик келип, исинип турған қызы өкпесин босатып, селк-селк етип жылайды. Уўыз еттен дөреген перзенттиң кеўлиниң қалғаны жүдә аянышлы екен. Атан да шыдап тура алмады.
– Қәне, бери кел, аппақ қызым, ай қызым. Мал қораға жетпей қалса да сени қатарыңнан кем қылмай, келиншек көйлектиң зорынан алып бергеним болсын. Жылама, жүректи езип, – деди өзиниң де көзинен жас сорғалап. Оны қызына көрсетпеўге тырысады.
Ядына ана бир жылларда жай салып атырған әкесине «велик алып бер» деп шатақ салғаны түсип кетип, мырс етип күлди. Сонда әкеси: «Тура тур. Мына велосипедиң менен оңыса тур, быйылша. Жайдың котелын қурғызып алайық. Үлкенин ендиги жылы аларсаң», десе де тыңламады: жер тоқпақлап жылады. Ақыры алдырып тынды. Есесине январьға шекем үйге ыссылық тартылмай, тоңып, бүрсеңлеп отырды.
Еки өжире мал қораға ракошки тас өрилип, үстине алты-жети сантиметрлик қалыңлықта бетон қуйылып, тырнақ тайын болды.
Бул ўақта жерлер де қызып, егис басланған еди. Сонлықтан нәўбет мөлдек жерге берилди. «Билмегенин сораған алым, сорамаған өзине залым» демекши, дақылдан түк хабары жоқ олар ҳәр кимнен, туқым сатыўшылардан, дийқаншылық етип атырған қоңсыларынан сорастырып, не егиўден баслап, қашан, қәйтип егиўге дейин сорайтуғын болды. «Мийнет етсең емерсең» деген, ерли-зайыптың тынымсыз мийнетлери арқасында, оның үстине, бурыннан бозығып жатқан топырақ емес пе, туқымлар да бес-алты күнде өрре турды. Помидор, баклажанларды нәлден отырғызды.
Шаңарақ жумысларына қызыққаны соншелли, уйқыны да умытты. Кеш жатып, ерте турыўға әдетленди. Жас тән, бес-алты саат уйықласа тынығып, қанып, аттай шаўып кете берди. Атанияз базарға барып, тырнақ үстине төсеўге «қара қағаз» әкелди. Үйге келип ашып қараса смоласы аз, «кооператив» болып шықты. Оны алып, қайтадан моторолер шақыртып тийеп, сатыўшыға алып барды. «Сатылған зат қайтып алынбайды. Бизде қағыйда сондай» деди. Жалынып-жалпайып, жақсысына аўмастырып бер, қосымша пулын төлеймен» деп зорға епледи.
Атанияз адамға жалынайын деп жүрген жигит емес еди, илаж жоқ, «қара қағаз» жаман болса, ызғар өткереди: ызғар болса ертең гербишти жейди: мал қора тез тозады.
Жети-сегиз мың гербиш кетеди екен. «Ой аўылдағы» гербиш қуйыўшылар менен сөйлесип, баҳасын келисип, еки мың данадан тийетип, «Зил» менен төрт рет тасып алды. Машын аўдарып еди, өзи де бос па екен, көпшилиги унталып, сынып қалды.
Гербиш өриўши жигитлер менен сөйлесип, оларды қурылыс басына алып келди. Олар «кәритаң, «ешегиң» бар ма, суўды қай жерден тасыймыз?» деп сорап, баҳасын келисти. Күни менен бир шетте төгилип жатырған гербишке итибар бермеген бе, оның биреўин алып көрип, уйқалап езип:
– Иним, мына гербишлериң брак, жарамсыз, – деди мәрдикаршы, – өр десең өре беремиз. Бирақ суўда қалып, ызғар жеген, оның үстине шорлы топырақтан қуйылған екен. Ертең, сыбаў да усламайды. Тез унырап, тозады… Анығында, бул гербиш өткен жылы қуйылған. Қысы менен жаўын-шашында қалған. Сөйтип ызғарланып, өзиниң сапасын жойытқан. Сениң гербиш танымайтуғыныңды билип, илдирип жиберген. Басқа ҳеш ким бундайды алмайды, ешейин берсе де…
Атанияз жамбасына бир урды:
– Ўаҳ. Бапландым-аў. – Енди не қыламан? – деди жылағандай болған ол.
– Гербиш дегенди жыйнап апара алмайсаң да. Көпшилиги езилип болыпты. Пүтинин мийнет етип, жыйнап, тийеп, машын жаллап қайта апарғаның менен де ала ғойса… Ҳәй, яға, алмайды. «Көзиңди байлап бергеним жоқ», дейди. Сонлықтан, илаж жоқ, күйген пул, дейсең. Алдағы ўақта пысық боласаң. «Шымшық сойса да қассап сойсын» деген, бизлердей билгирин апарасаң, ойласасаң. Енди буны гербиш сыпатында пайдаланбайсаң. Мениң саған жәрдемим, топырақ орнына, там басын сыбаўға пайдаланарман. Негизинде маған да гербиштиң топырағы керек емес, себеби қанша езсең де түйиртпеги қалмайды. Бирақ көрип турып, сени аяғаннан қара ылайға пайдаланажақпан, – деди гербиш өриўшилер бригадири Есим.

Алланазар ӘБДИЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы.
(Даўамы бар).