Әдеттегише ўақты питип қалған китапларымның ўақтын создырып, еле сабақларыма еки саат барлығы ушын, азырақ оқыў залында китап оқып отырайын деп ойладым. Ҳәр сапарғы әдетим бойынша айнаның алдындағы екинши орынлыққа отырар едим. Оқыў залына кирип орынлығыма көз таслап едим мен ушын ҳайран қаларлық болған ўақыяға дус келдим. Бул жерде жүзлериниң жыйрығы өзине жарасқан, кекселик деген уллы инәм менен жүзлесип, көзлеринен нуры парлап китап оқып отырған бир атаны көрип көзим қуўанды. Жасы тап сол жетпислерден өткен шығар деп шамаладым.
Көзим қуўанғаны ҳәзир көп инсанлар ўақтының кемлигинен болса керек китап оқыўдан жырақласып баратыр.
– Ассалаўма алейкум, – деп ишке кирдим.
Ата да сәлемимди алып: – «қызым, байрамларың менен» деди.
Бул инсан менен сөйлеским, көп нәрселерди билип алғым келгенликтен ойланбастан:
– Ата, қандай байрам? – деппен.
– Ҳаў, 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни-дә! Бул дүнья жүзилик үлкен байрам ғо.
Жоқары оқыўда оқыйтуғын маған усы ўақыттағы 9-майды умытқаным дым-дым, және оны тарийхтың гүўасы болған инсаннан еситкеним мен ушын уятлы болды.Усы минутлар ишинде залда екеўимизден басқа адам болмағанына қуўанып кеттим. Атаның алдында айыплы кисидей, қай жерге отырарымды билмей де қалдым. Оған қарайман газета оқыўын даўам етпекте, туўры қаптал тәрепине барып отырдым. Бул орында ата менен тең отырыў маған мүнасип пе екен деген ой ҳеш қыялымнан кетпейди.
Жасын сорасам ба екен, уят емес пе, китапханаға күнде келесиз бе деп сорасам ше, яқ бирден сораўға тутаман ба, сонда да тиллеским келеди. Жаңағы қәтемди умытар ма едик. Орнымда отырып сөз басладым да және пәнт жедим.
– Ата, қай жерде турасыз?
Атаның жасында тәбийий нәрсе емеспе бул, қулақлары азырақ еситинкиремейди екен. Енди шынтлап қызығыўшылығым тутып, қысынғанды да қойып, тап атаның алдына барып сораўға тута басладым.
– Жасыңызды сорасам қапа болмайсыз ба?
– Яқ балам, қапа болмайман. Быйыл жетпис төртти толтыраман, ертең 10-майда жетпис бес деп есаплаймыз. Сонда 1949-жылы туўылған боламан. Бизлердиң жасымыздағылар дерлик қалмады-аў.
– Китапханаға күнде келесиз бе?
– Күнде келиў қайда балам, бес-алты китап аламан да, оқып болып тапсырыўға келемен. Усы жерде отырып газетадан жаңалық оқыйман.
Бес китапты еки ҳәптеде оқып боламан дейди ғой ата.
Мен….бир китапты еки ҳәптеде оқып бола алмайман-ғо деп жибериппен. Енди мени бир ой тыныш қоймады. Сораўлар өзинен-өзи келе береди тап журналисттей болдым.
Атаның ҳаялы бармекен-әй, сорасам бекен. Тағы жоқ болып шықса….
Сорадым, бахтыма өмирлик жолдасы жанында екен. Ол апаны көрмесем де атаның мынадай сөзлеринен оның қандай инсан екенин билип алдым.
– Ол да 1949-жылы туўылған. 10-майда.
– Ҳаў, сизлерди Қудай қосыпты – дедим қуўанып.
– Негизи, июньда туўылды, не қыламыз екеўимиз еки ўақытта туўылып, ол да мениң менен бирге туўылсын деп солай жаздырып алдық деп күлди.Сол ўақытта июнь қатты қыйын ай болды, урыстан кейинги жыллар еди ғо ақыры.
– Мен, бизиң ата-апаларымыз қандай мәрт, ҳаяллар-өмирлик жолдасларына сондай мийрим-муҳаббатлы болған, мине бир үлгиси Арысланбай ата менен зайыбы Базаргүл апа еле бирге қослас. Барлық жасларға олардың жолын бергей. Бес перзенти бар екен. Еслеў күнинде бәри ақлықларым менен келеди деп қуўанып отыр.
Балалары атаны китапханаға арқалап әкелсе де көплик етпейди-аў деп ойладым.Китапханада отырып көп гүрриңлестик.Көп нәрселерди еске түсирип алды.
Ата китап тапсырыўға шығып кетип еди,
– Бул кисиниң ҳаялы барма екен деди, артта отырған бир китап оқыўшы.
– Әлбетте бар, атаның бул жерге келип китап оқыўы, жасарып жүриўи кемпириниң арқасында – деп күлди Болғанай апа.
Алған китапларын жаздырып үйине қайтыўға сыртқа шығып кетти. Саатқа қарасам 12 ден өтип атыр, сабақтан кешигип қалмайын, және бағана ата үйим алыс деп еди, жолда турған болса жәрдемлесейин дедим. Маршрут күтип турған шығар десем, еле кетпеген екен, китапларын сеткаға салып, велосипедине байлап атыр.
Қулласы, мен бүгин көргенлеримнен қатты тәсирлендим.Атаның китап оқыўы, велосипед пенен үйине қайтыўы. Көз тиймегей, алдымызда усындай аталарымыз аман болғай!
Усы күннен баслап, мен бул мақаланы газета бетлеринде бастырып шығарыўды нийет еттим.
Қумар ДАЎЛЕТБАЕВА,
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 3-курс студенти.
