– Ѳткен жылғы оқыўшыңды алып келдиң бе?. Сонда бир нәтийже бар. Қуда қәлесе кѳп жерге барады. Қосықларды кѳп ядлаған екен, және де даўыс толқыны, интонациясы менен кѳркемлеп, иркилис белгилерине дейин итибар бериўи, дыққатлырағынан, усы оқыўшы алар-аў деп ойлаған едим, – деген Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, шайыр Оразбай аға Сатбаев оқыўшыма пикир айтқанда туўған перзентиңди мақтап атырғандай қуўанған едим.
Бул пикир ѳткен жылдан берли дәстүрий түрде май айында ѳткерилип атырған «И.Юсупов избасарлары», «Т.Қайыпбергенов шығармаларының билимданы» таңлаўы қатнасыўшысы, 3-орын жеңимпазы Азиза Оралбаеваның бул еки уллы тулғаның дѳретиўшиликлерине қызығыўшылығына айтылған мақтаў сѳзлер еди.
Азиза Оралбаева Нѳкис қаласы улыўма орта билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы. Ол әдебият шайдасы. Сабақлықлардан басқа жазыўшы-шайырлардың кѳркем-шығармаларын, қосықларын қунт пенен оқып, мудамы изленип, умтылып жүретуғын оқыўшы.
Және бир оқыўшымда сезгеним оның ўақыт қәдирин жақсы түсингенлиги. Ол бос ўақытларынан үнемли ҳәм утымлы пайдаланып, инглис тилин үйренбекте.
Азиза Оралбаеваның усындай билимге ықласын кѳрип, жоқарыдағы айтылған пикирлерге сүйенгим келеди. Қуда қәлесе еле де бул оқыўшымнан үлкен нәтийжелер күтемен ҳәм қол-қанат болып, жол-жобалар берип барыўдан шаршамайман.
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
Нөкис қаласы, 23-санлы мектеп үгит-нәсиятшысы
