Марафонда жаўын жаўсада…

 

Спортты соншелли жақсы көремен. Бул балалык арманба, я болмаса кеўил  кәлеўи ме, тренерлерим Назар Сейтимбетов пенен Сергей Замешаевлардың тәрбиясыма, кишкене ўақытларымнан баслап спортқа, әсиресе футболға қатты қызыққанман. Еледе футбол ойнайман. Футбол ветеранлары менен Наўайы, Ташкент қалаларында өткерилген Өзбекстан чемпионатларына қатнасқанман.

Өзбекстанда өткерилген халықаралық марафонларға қатнасып 3, 10, 20, 40 км аралықларға жуўырғанман.

Бир сапары қызық ўакыя болды. Марафон пайытында жаўын куйып кетти. Алағадалық басланды. Тәбият не қылсын сениң жуўырыў керек екенлигиңди. Сонша жылғы шынығыўлар пәнт берген жоқ. Нөсер жаўын менен араласып финишке бириншилерден болып жеткенмен.

Мине арадан жыллар өтти. Өзимде устазбан. Не демекшимен. Спорт ең жақын достың, жақсы ден саўлығын, кеўил кейпиятын. Спорт пенен шуғылланған адам тек ғана жақсылыққа умтылады демекшимен.

 

Р. Атажанов.

Төрткул районы 1-санлы  улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими