САНЛАР СӨЙЛЕГЕНДЕ

Қарақалпақстан Республикасының хызметлер тараўы қаншаға өсти?
2023-жылдың январь – март айлары жуўмақларына көре, Қарақалпақстан Республикасы бойынша хызметлер тараўында жаратылған жалпы қосылған баҳа көлеми 10 618,0 млрд. сумды қурады ҳәм 2022- жылдың январь – март айлары менен салыстырғанда 6,0 % ке өсти.

***

Ең көп жеке кәрханалар саўда тараўында хызмет көрсетип келмекте
2023-жылдың 1-май жағдайына Қарақалпақстан Республикасында экономикалық ҳәрекет түрлери бойынша жеке кәрханалар:
саўда тараўында – 1001, санаат тараўында – 351,
аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы тараўында – 157
жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер тараўында – 217
қурылыс тараўында – 125
ҚР статистика басқармасы
мәлимлеме хызмети.