(Өзиниң бир китабы менен халқымызға танылып үлгерген марҳум шайыр Караматдин Төрешовтың 80 жыллығы алдынан ол билим алған мектепте еслеў кешесинде оқылған қосық)
Бул өмирге ашық едиң,
Азаматы едиң елдиң,
Алла-тала берген талант,
Умытылмас қосық едиң.
«Арзымбет қум» далалары,
Ойнап өскен балалары,
Еске алар мектебинде,
Бирге оқыған жоралары.
Көзди тартқан жасыл бағлар,
Гүрең аўыл шоқ-шоқ таллар,
Булақ суўына шомылғансыз,
Еске түсер жаслық жыллар.
Сен сағынған атқан таңлар,
Умытпа деп қосығың жаңлар,
Сизди жойтар соқпақ жоллар,
Бул өмирге ашық едиң.
Быйыл шығар сексен жасқа,
Кеўли ашық еди досқа,
Болғаныңда арамызда,
Бул өмирге ашық едиң.
Қарындасы Набийра апа,
Шайырға халық берер баҳа,
Руўҳың шад Караматдин аға,
Бул өмирге ашық едиң.
Нурлыбай Дәўлетбаев,
Қанлыкөл районы, шайыр.
