Мине окыў жылыда жуўмакланды. Балалар жаз қушагында. Биз устазлар келеси оқыў жылы ушын таярлықты ҳәзирден баслап жибердик. Себеби дем алыстан келген балаларымызды таяр сабақлықлар, таяр ис режелери менен күтип алыў педагоглардын баслы ўазыйпасы.
Мектеплерде балаларға орыс тили пәнин өткенде балаларды жалықтырып алмаў, тилге деген қызыгыўшылыгын және де раўажландырыў ушын — лингвистлик ойынлардың әҳмийети жүдә үлкен. Мысал ретинде «Аўдармашы» ойынын алып қарайық
Бул жерде аўдармашылық, ямаса дилмашлык еткенде синоним сөзлерден толық хәм мақсетли пайдаланыў керек. Синоним сөзлер мәнисине қарай, айтылыўына карай орынлы пайдаланыўы керек.
«Нақылды жуўмакла» ойыны да балаларда ойланыў, раўажланыў, излениўшиликти келтирип шығарады.
«Анаграммалар ойыны» оқыўшылар ушын ең қызықлы ойынлардың бири. Сөздин бир ҳәриби, ямаса бир буўыны алып тасланады. Бала өзи ойланып, мәнисин салыстырып сөз қураўы керек.
Мине мен өзим ҳәзир усындай ис режелери менен шуғылланып, оқыўшыларымды жаз қушагынан кейин кеўилли күтип алмақшыман
А. Таўманова.
Төрткул районы.1-санлы улыўма билим бериў мектеби муғаллими
