1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни.

 

Инсан перзенти ушын жасайды, ашықларына өмирин бағышлайды. Сол орында1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни тарийхы ҳаққында қысқаша мағлыўмат беремиз. Екинши жәҳән урысынан кейинги дәўирде планетамызда жасаўшы барлық балалардың ден-саўлығы ҳәм тыныш өмирин сақлаў актуал машқалаға айналған еди. Нәтийжеде 1950-жылдан баслап 1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни ретинде байрамлана баслады. Буннан гөзленген мақсет балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин ҳәр тәреплеме тәмийинлеўге итибар қаратыў болып табылады. 1-июнь Халықаралық балалар қорғаў күни дүньяның 50 ге жақын мәмлекетлеринде байрамланса да, басқа көплеген мәмлекетлер де ҳәр жылы 20-ноябрь күни “Халықаралық балалар күни” ретинде бирдей байрамланады. 1959-жыл 20 -ноябрде “Бала ҳуқықлары декларацияси” 1989 -жыл 20-ноябрде “Бала ҳуқықлары туўрысындағы конвенсия” Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен қабылланды ҳәм де бул сыяқлы зәрүрли халықаралық ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи жәҳәнниң кең жәмиетшилиги тәрепинен-жыллы күтип алынды. Атап айтқанда, 1959-жылғы Бала ҳуқықлары декларациясында ҳәр бир бала ушын ҳеш қандай муқатыў ҳәм шеклеўлерсиз пүткил баслы ҳуқықлар комплекси беккемленген. Бул декларация тийкарында 1989-жыл 20-ноябрде БМТ бас ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген бала ҳуқықлары туўрысындағы конвенсия бала ҳуқықлары саласындағы биринши мәжбүрий халықаралық ҳүжжет болып табылады. Усы ҳүжжетте инсанияттың ажыралмас бөлеги ретинде тән алынған балалардың пуқаралық, сиясий, социал, экономикалық ҳуқықлары кепиллик берилген.

Өзбекстан Республикасы Конститусиясы қабыл етилген күнниң ертеңине-ақ ғәрезсиз наўқыран мәмлекетимиз БМТниң бала ҳуқықлары туўрысындағы конвенсиясын инратификация еткен. Бул зәрүрли дәлил журтымызда балаларға болған жоқары итибардың айриқша үлгиси болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев айтып өткени сыяқлы, «Биз ушын жәмийетте бийгана бала жоқ ҳәм болмаўы керек. Ҳәммеси өзимиздиң, Өзбекстанымыздың балалары, ўақтында мийирим көрсетсек, жумысқа, илмге, кәсип-өнерге, ийгиликли пазыйлетлерге үйретсек, олардың жолына шыпберсек, ертең пайдасы өзимизге, жәмиетимизге тийеди». Өзбекстан Президентиниң 2019-жыл 22-апрелде қабыл етилген  “Бала ҳуқықлары кепилликлерин және де күшейтиўге тийисли қосымша илажлар туўрысында”ғы шешими де зәрүрли әҳмиет пайда еткенин бөлек атап өтиў керек. Атап айтқанда, булл қарар менен Өзбекстан Республикасы Жоқары Кеӊесиниӊ инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) орынбасары бала ҳуқықлары бойынша ўәкил лаўазымы енгизилди. Мәмлекет басшысының 2020-жыл 29-майда қабыл етилген «Бала ҳуқықларын қорғаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар туўрысында» ғы шешими Өзбекстанда бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын және де жетилистириў, бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў ҳәм бул тараўдағы халықаралық миннетлемелерди орынлаўдың тәсирли системасын жаратыў мақсетине қаратылғаны менен оғада әҳмиетли болып табылады. Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанда аналық ҳәм балалықты қоллап-қуўатлаў, балалардың руўхый ҳәм физикалық раўажланыўы ушын шәрт-шәраятлар  жаратыў мәселелери бөлек ҳәм турақлы итибарда турыпты. Әсиресе, БМТниң Бала ҳуқықлары туўрысындағы конвентсиясы талапларын орынлаў бойынша үлкен көлемдеги жумыслар әмелге асырылып атыр. БМТ Бас хаткери Антониу Гуттериштиң “Ҳәр бир баланың барлық ҳуқықларына әмел етилиўи керек” деген шақырығына тийкарланып мәмлекетимизде соңғы жылларда бала ҳуқықларын ҳәр тәреплеме тәмийинлеў бойынша арнаўлы бир унамлы тәжирийбе топланды. Атап айтқанда, шаңарақта баланың мәплерине тийисли ҳәрқандай мәселе ҳал қылынып атырғанда, соның менен бирге ҳәр қандай суд талқылаўы ямаса басқарыў дәўиринде баланың пикири инабатқа алыныўы белгилеп берилди. Жаңа парламенттиң нызам дөретиўшилиги бағдарында да буған байланыслы зәрүрли нәтийжелерге ерисилди. Әўеле, 2020-жыл 10 -мартда “Бала ҳуқықларының қосымша кепилликлери белгилениўи мунасәбети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў туўрысында» ғы Нызам қабылланды. Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий стратегиясы шеңберинде де балалар ҳуқықларын қорғаў ҳәм хошаметлеў мәселелерине бөлек итибар қаратылы патыр.

Кейинги-жылларда тәлим ҳәм тәрбия саласында түпкиликли өзгерислер жүз берип атыр. Атап айтқанда, 2025-жылға барып 3-7 жастағы балалардың 74,5 пайызын мектепгке шекем тәлим менен қамтып алыўды нәзерде тутатуғын мектепке шекем тәлим системасын раўажландырыў концсепсиясы турмысқа енгизилип атыр. Буның нәтийжесинде 2017 –жылда мәмлекетимизде балаларды мектепке шекем тәлим менен қамтыпалыў 27,7 процент болған болса, бул көрсеткиш 2020-жылға келип 60,9 процентке көтерилди. 2020-жыл 23-сентябрь күни «Тәлим туўрысында»ғы нызамның халықаралық шөлкемлер ҳәм шет ел мәмлекетликлер менен шерикликте ислеп шығылған жаңа редакциясы қабыл етилгени үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Жаңа нызам Өзбекстанда билимлендириў тараўын түптен реформалаў, балалардың тәлим алыў ҳуқықларын беккемлеў ҳәм де халықаралық стандартлар тийкарында тәлим хызметлерин шөлкемлестириў мақсетлерине хызмет қылмақта. Жасларымыз бир ўақттың өзинде 5 қанигеге шекем жоқары тәлим шөлкеминде таңлаўларда қатнасыў мүмкиншилигине ийе болып атыр. Нәтийжеде питкериўши жасларды жоқары тәлимге қамтып алыў дәрежеси 2016-жылда 9 процент болған болса, 2020-жылда 25 процентке жетти. Бул көрсеткишти быйылғы жылда 29 процентке, 2030-жылда 50 процентке жеткизиў тийкарғы ўазийпа ретинде белгилеп алынғаны жүдә зәрүрли болып табылады.

Ўатанымыздың ҳәр тәреплеме раўажланыўы сол өсип киятырған балалар қолында болып табылады. Балаға туўылғаннан баслап тәлим-тәрбия бериў усыллары Масару Ибуканиң» Үштен кейин кеш» атлы китабында өз саўлелениўин тапқан. Ол китапта баланы ҳәр тәреплеме раўажландырыў, бәркәмал етип тәрбиялаў ҳәм әлбетте жәмийетте өз орнын таба алыўы ушын бәринен бурын, ата-аналар ҳәм кейининен, тәрбияшылар тәрепинен әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында айқын пикирлер билдирилген. Бала тәлим-тәрбиясының раўажланыўда ҳәр қыйлы факторлар тәсир көрсетеди. Ҳәзирги күнге шекем бәршемиздиң раўажланған бир түсиник, яғный нәсил түсиниги Масари Ибуканиң китабында қараланады. Әййемги тартыслардан бири инсанды оның нәсли қәлиплестиредиме ямаса ол алатуғын тәлим-тәрбияма? Бирақ бүгинги күнге шекем қандайда бир исенимли теория булл тартысларға шек қоймайды. Ақырында, бир тәрептен мийдиң фиизиологикалық изертлеўи, екинши тәрептен балалар психологиясын үйрениў нәтийжелерине көре, бала интеллектуал қәбилетиниң раўажланыў гилти-бул оның биринши үш-жылында, яғный мий клеткаларының раўажланыў дәўиринде алған жеке тәжирийбеси болып табылады.

Жуўмақ етип айтқанда, “Балаларды қорғаў күни” байрамының мақсети кең жәмийетшилик дыққатын балалардың мәселелерине, олардың ҳуқықларын қорғаўға, қорғалған дүньяда жасаў мүмкиншиликлерине, бахытлы балалыққа ҳәм өз мәмлекетиниң толық-төгис ҳәм тыныш пуқарасы болып өсиўлерине қаратыў болып табылады. Соның менен бирге, байрамды байрамлаўдың тийкарғы мақсети – өсип киятырған жеткиншектиң келешекте мәниси бойынша бай, физикалық саў ҳәм этикалық жақтан пәк болып өсириў болып табылады.

Нурмамбетов Р

Төрткөл районы1-санлы мектеп тарийх пәни оқытыўшы