Бала тәрбиясы, балаға билим берип, өнерге, мийнет етиўге үйретиў керек деп көп айтылады. Ҳәзирги дәўиримизде кәсип-өнерди мектепте үйретиў жақсы жолға қойылып атыр. Бала анасынан туўылғанда бир пайыз талант пенен туўылып, қалғанын өмир бойы турмыстан үйренип барар екен. Өнер-кәсипти бала өз бойында әтирапындағы адамлар арқалы қәлиплестиреди.
Негизинен, тәрбияны бала үйде ата-анасынан алады. «Әке көрген оқ жонар, ана көрген тон пишер», деген сөз бар халқымызда. Өзи қай ўақытта да «ғарғаның баласы ғақ дейди, саўысқанның баласы сақ дейди». Бул нақылдың дурыс екенлигин күнделикли турмысымызда көрип отырмыз.
Ерполат быйыл оныншы класста оқыйды. Үйинде әкеси ҳәм анасы үшеўи турады. Әкесиниң аз-маз аяғы аўырады. Ал, анасы жумыссыз. Олар «кем тәмийнленген» деп дизимге алынған. Қорасында сегиз сыйыры бар. Бирақ үйлери ремонтсыз болғанлықтан, жүдә гөне көринеди. Азаннан кешке шекем Ерполаттың әке-шешеси көшеде отырады. Барып сәлемлессең: «Үйде де бир отырыс, далада таза ҳаўада отырмыз», дейди. Ал, Ерполат оқыўдан келеди де, телевизор көреди, ямаса телефоннан ойын ойнайды. Үйлери тозып кеткенликтен ылайы түсип, қамысы көринип атыр. Мал қорасын айтпай-ақ кояйық.
Өткен жылы әкесиниң бир класласы олардан хабар алайын, деп барып, жағдайларын көрип, қатты жаны ашыйды. Сөйтип, барлық класлас досларына хабарласып, орталықтан ақша жыйнап, материалын алып, үйине бир қатар оңлаў жумысларын жүргизеди. Сол жылы гүз ерте келип, күн бирден суўытып кеткен соң, қурылысшылар үй әтирапындағы жумыс қуралларын жыйнаўға үлгере алмай қалады.
Арадан бир жыл өткен соң, класласы хабар алыўға келсе, сол баяғы қурылыс әсбаплары, шашылған ағаш бөлеклери, ылайлар сол турсында еле жатырғанын көреди.
Сонда жаңағы класласы: «Ҳее, буларды аяўдың кереги жоқ екен ғой. Жигит болып турған баласы бар, ден саўлығы жақсы ҳаялы бар. Ең болмаса үй әтирапын жыйнастырып, тазалап отырыўға болады ғой. Жорамның өзи бас болып, мыналарды жыйнастырып қояйық десе, оған ҳеш қайсысының бели аўырмайды ғой», – деп қапа болады.
Мәмлекет тәрепинен бириншилер қатарында бул хожалыққа материаллық жәрдем бериледи. «Алма пис, аўзыма түс», деп жатқан ата-ананы көрген Ерполат, ертең солардай адам болмайды, дегенге ким исенеди?!
Сегиз сыйырының еки-үшеўин сатып, қурылыс материалын алса, және биреўин сатып устаға берсе, үй салып алыўына болады. Еңкейип, жерден шөп алмайтуғын адамлар мийнеткеш бала тәрбиялайды дегенге ким исенеди?!.
Ондайлар өзиниң де, мәмлекеттиң де маңлайының соры. Мектепте муғаллимниң бир-еки мәрте айтқаны олардың қулағына жақпайды.
Бала «уяда нени көрсе, ушқанда соны ислейди». Алма теректиң астына алма түседи, әлбетте, жүзим түспейди. Әкеси сөгинетуғын болса, бала да соны қайталайды. Анасы өтирикши болса, қызы да алдағысы келип турады.
Белгили педагоглардың сөзи менен айтқанда, «тәрбияшының өзи тәрбияланған болыўы керек». Болмаса, өзинде жоқ тәрбияны балаға қайдан берсин?!
ХХI әсирде жасап турып, ой-сананың артта қалыўы бул, мениңше – трагедиялық жағдай.
Қудайым қатардан қалдырмағай деп, заман менен бир нәпесте алға қәдем таслайық!
