Тарийх бетлерине қарар екенбиз биз билген ҳәм билмеген ўақыяларға гүўа боламыз. Ҳәр бир тарийхый шахслардың жетискенликлерин де ҳаял-қызлардың орны гиреўли екенин көремиз. Бир ғана Темур ҳәм темурийлер династиясына тийисли ҳаял-қызларды атап өтиўимизге болады. Уллы саҳыпқыран Амир Темурдың (1336-1405) өмирлик жолдасы Сарай Мулик ханым (1341-1408-жыллар Бийбиханым), Хиротта Шаҳруҳ Мырзаның (1377-1447-жыллар) ҳаялы Гаўҳәр Шад бегим (1379-1457-жыллар), Халил Султан Мырзаның (1384-1411-жыллар) сүйикли ҳаялы Шод Мулик Хатун (1387-1411жыллар), Султан Хусейин Байқараның (1438-1506-жыллар) ҳаялы Хатийша бегим (1451-151-жыллар), Умар Шайх Мырзаның (1456-1404-жыллар) туңғыш қызы Ханзада Бегим (1477-1544-жыллар), Заҳриддин Муҳаммед Бабур шахтың (1483-1530-жыллар) қызы Гүлбаданбегим (1523-1603-жыллар), Бадахшан ҳүкимдары Сулайман Мырзаның ҳаялы – Ҳәрам Бегим (1514-1589-жыллар), Жәҳәнгир Шахтың (1569-1627-жыллар) сүйикли ҳаялы – Нур Жәҳән бегим (Мехринисо, 1577-1695-жыллар), Шах Жәҳәнниң (1592-1666-жыллар) сүйикли ҳаялы Мумтаз Маҳал (Аржуманд бану, 1594-1631-жыллар), Шаҳ Жәҳәнниң қызы – Жәҳән Ора бегим (1614-1681-жыллар), Аврангзеб Оламгирның (1618-1707-жыллар) қызы-Зебиниса бегимлер (1639-1702-жыллар) әне солар қатарына кирите аламыз. Бул маликалар ҳаққында көплеген қолжазбалар ҳәм шығармаларда қызықлы мағлыўматлар келтирилген. Мәселен Низамиддин Шомийдиң «Зафарнама»сы, Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың «Бабурнама», Гиясиддин Муҳаммед Хандамирдиң «Инсан хабарларында дослардың өмир баяны», Гүлбадан бегимниң «Ҳуммаённама», Ҳәкимхан төрениң «Мунтахаб ут-таворих» киби шығармалардан қымбатлы мағлыўматларды алсақ болады. Маликалар арасында Жәҳан Ара бегим ҳаққында тоқтап өткенди мақул көрдик. Ол Шах Жәҳәнниң үлкен қызы болып, он жети жасында анасы Мумтаз Маҳал бегим қайтыс болады. Анасының ўәсиятына садық қалып, шаңарағындағы жумыслар оның мойнына шөгеди. Жәҳән Ара бегим атына сай болып, сулыўлықта, ақыл-даналықта соның менен бирге илимге қызығыўшы маликалардан бири болған. Әкеси Шах Жәҳән ҳәм бул қызына өзгеше меҳир менен қарар еди. Жәҳән Ара бегим анасының өлиминен кейин атасына, аға-инилерине меҳир муҳаббат пенен қарады. Ҳәттеки, атасының салтанат ислерин басқарыўда, ишки ҳәм сыртқы сиясатында, дипломатия мәселелеринде пайдалы мәсләҳәт берер еди. Жәҳән Ара бегим патша қызы болсада тәбияттан кишипейиллиги себепли байлық ҳәм атақ-абырайға қызықпаған. Ол алпыс жети жасында қайтыс болады ҳәм өз қәбир тасына сондай сөзлерди жазыўын ўәсият етеди. Қәбир тасына төмендеги байт қатарлары түсирилген: «Жасыл майсадан өзге ҳеш ким қәбримди жаўмасын, Ғәрийплер қәбрин жабыў ушын сол майсаның өзи жеткиликли»
Бул темурий маликалар өмир тарийхы ҳаққында оқып шыққанымызда олардың мәмлекет ислеринде, шанарақта ҳәм өз әўладларының тәрбиясында жүдә әҳмийетли орын ийелегенин көриўимизге болады.
Эленора
ДӘЎЛЕТМУРАТОВА,
Хожели районы, 40-санлы орта мектептиң тарийх пәни оқытыўшысы.
