«Бес баслама» тийкарында Республикамыз аймағында ҳәр түрли спорт түрлеринен жарыслар шөлкемлестирилмекте. Бүгинги күнде спортқа болған талап жүдә күшли. Соған жараса жас өспиримлер де өзлерин көрсетиўге ҳәрекет етпекте.
Халқымызда «Мәмлекетти ҳеш нәрсе спортшелли дүнья жүзине таныта алмайды» – деген гәп бар. Балаларымыз тынымсыз ҳәрекет етиўи нәтийжесинде көплеген жетискенликлерге ерисип атыр. Жаслардың өзине исеними қалаберсе устазы, ата-аналарының үмитин ақлаў баслы ўазыйпасы есапланады.
Мектебимиз район орайынан 24 километр қашықлықта болса да мине усындай оқыўшылар көплеп ушырасады. Бир шаңарақтан аға-инили Артур ҳәм Әлибек те спорттың дзюдо түри менен шуғылланып кең жәмийетшиликке танылып атыр. Педагоглар шаңарағында дүньяға келген Артур ҳәм Әлибектиң жас ўақтынан баслап спортқа болған қызығыўшылығын сезген ата-анасы дөгерек тренери Жамшид Абдикаликовқа шәкиртликке берди. Ағасының изинен ерген Алибек те кишкене болыўына қарамастан өз жетискенликлерине ийе. Атап айтсақ: Артур 2017-жылы «9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни»не арнап өткерилген Қоңырат районы ЖӨСМ бириншилигинде 24 килограмм салмақ пенен теңлеслери арасында 3-орынды ийеледи. Қоңырат районы жас өспиримлер спорт мектеби ашық бириншилигинде 26 килограмм салмақ пенен қатнасып сыйлы 3-орынды ийеледи.
Ал иниси болса өткен жылы 8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығына арнап Хожели районында өткерилген жарыста теңлеслери арасында сыйлы 2-орынды ийеледи. Усылайынша жарысларда жақсы нәтийжелерге ерискен Әлибек жақында 11–13-май күнлери аралығында теңлеслери арасында Шоманай районы спорт мектеби ашық бириншилигинде сыйлы 3-орынды, ал усы жарыста ағасы Артур сыйлы 1-орынды ийелеўге миясар болды.
«Талаплыға нур жаўар» дегениндей аға-инили Артур ҳәм Әлибекке келешектеги жарысларға әўмет тилеген ҳалда мәмлекетимиз байрағын көклерге көтериўге тилеклеспиз.
Арзыгүл
БАЗАРБАЕВА,
Қоңырат районы.
