Европа аймақлық бюросы мәжилисинде қарақалпақстанлы қәниге де қатнасып қайтты
Әзербайжан Республикасының Баку қаласында Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеми Европа аймақлық бюросы ҳәм Әзербайжан Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен өткерилген емлеўханалардың келешегин додалаўға арналған жоқары дәрежедеги аймақлық мәжилисте Қарақалпақстан Республикасының усы тараў бойынша қәнигеси де қатнасып қайтты.
«Емлеўханалардың тийкарғы ўазыйпалары: сапа ҳәм турақлылы
қ тийкарында заманагөй денсаўлықты сақлаў хызметлерине болған талапты қанаатландырыў» атамасындағы бул мәжилис усы жылдың 5-7-июнь күнлери өткерилип, онда Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Европа мәмлекетлериндеги мәмлекетлик ҳәмелдарлары, емлеўханаларының хызметкерлери ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте аймақтағы, әсиресе, Орайлық ҳәм Шығыс Европа мәмлекетлериндеги емлеўханалар алдында турған ең әҳмийетли мәселелер, шөлкемге ағза мәмлекетлердиң усыныслары бойынша тараўда жүзеге келип атырған машқалалар көрип шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «Медициналық жәрдемди шөлкемлестириў» бөлими бас қәнигеси Шолпан Қәдиримбетова қатнасты.
Ушырасыўдан гөзленген мақсет – денсаўлықты сақлаў системасындағы емлеўханалардың роли бойынша улыўмалық көзқарасты ислеп шығыў ҳәм усы системаның әҳмийетли элементи сыпатында емлеўханаларды реабилитациялаў, оптималластырыў ҳәм трансформациялаў зәрүрлиги бойынша консенсусқа ерисиў болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
