Ѳзбекстан майыплар жәмийети Қарақалпақстан аймақлық бѳлими тәрепинен 7-14 жас аралығындағы майыплығы болған балалар арасында сүўрет салыў бойынша жарыс шѳлкемлестирилди. Жарыстың республикалық басқышына районлық ҳәм қалалық басқышлардан жеңимпаз болған 34 қатнасыўшы келди. Олар еркин, ѳзлери қәлеген темада сүўретлер салды.
– Жарысты ѳткериўимиздеги тийкарғы мақсет 7-14 жас аралығындағы майыплығы болған балалардың талант ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыўға кѳмеклесиўден ибарат.
Майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў бойынша
«Биз биргемиз» социаллық жойбары шеңбериндеги илаж Ѳзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шѳлкемлери ҳәм оның басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының субсидия қаржысы есабынан ѳткерилмекте, – дейди Ѳзбекстан майыплар жәмийети Қарақалпақстан аймақлық бѳлими баслығы, – П.Дәўлетиярова.
Таңлаў жуўмағында барлық қатнасыўшылар мүнәсип сыйлықланды. Республикамыздағы эстрада ҳәм кѳркем-ѳнер ўәкиллериниң концерти ҳәм театрластырылған шоу – бағдарламалар қойып берилди.
Ж.Ембергенова.
Ѳз хабаршымыз.
