Коррупция – раўажланыўымызға иркиниш жасайды

“Қарақалпак аймақлық электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 11-майдағы “Мәмлекетлик басқарыў тараўында коррупциялық қәўип-қәтерлерди сапластырыў механизмин жеделлестириў ҳәм усы тараўда жәмийетшиликтиң қатнасыўын кеңейтиў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Худудий электр тармоқлари” АЖ тәрепинен тастыйықланған Реже бойынша айтарлықтай жумыслар алып барылды.
Қалалық ҳәм районлық электр тармақлары кәрханаларында коррупцияны жоқ етиўге ерисиў, олардың ақыбетлери, оларға алып келиўши себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў, нызам бойынша коррупциялық ҳуқықбузарлық ушын қатаң жуўапкершиликке тартыў белгиленген.
Ҳәзир коррупцияға қарсы гүресиў дәўир талабы болып, мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық тараўларда коррупцияның ҳәр қыйлы көринислерине қарсы гүресиў бойынша ҳүкиметимиз тәрепинен қатаң шаралар көрилмекте. Атап айтқанда, бул бағдарда қабыл етилген Пәрман ҳәм қараралардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшилик арасында додалаў бойынша жәмәәт ағзаларының ҳәр бирине түсиндирилип барылмакта.
Буннан тыскары бөлимимизде коррупцияның алдын алыў мақсетинде 222-93-08 номерли исеним телефоны орнатылған болып, оның алдын алыўдың барлық илажлары көрилип атыр.

Б.ТЕМИРХАНОВА,
«Қарақалпак аймақлық электр тармақлары кәрханасы ” АЖ Коррупцияга қарсы гүресиў ҳәм комплекс қадағалаў бөлиминиң жетекши қәнигеси.