Медицина хызметкери ѳз кәсибине оғада жуўапкерли ҳәм сүйиспеншилик пенен қатнас жасаса ғана ѳз кәсибиниң пидайысы болып жетилиседи. Себеби, ол алдына келген ҳәр бир наўқастың денсаўлығынан шағым етип келгенинен баслап, сол адамның саламатлығы ушын жуўап берип, ѳз қадағалаўына алады. Емлеў мәкемесине келген наўқастың ең әўели кеўил-кейпиятын кѳтериўге ҳәрекет етсең, бул оның ушын шыпа, ем болары сѳзсиз. Себеби, халқымызда «мазалы наның болмаса да, шийрин сѳзиң болсын» деген ҳикметли гәп бар. Бул сѳздиң тѳркининде кѳп мәнис жатыр. Келген наўқас айығып, дәртине даўа таўып, миннетдаршылық сезимлерин билдирген ўақытта-усы кәсиптиң азлы-кѳпли нанын татып киятырғаныма ыразы болып кетемен. Инсан ушын ең уллы байлық бул-денсаўлық. Усы денсаўлығынан айрылып, ҳәлсизленг
ен, аўыр жағдайда келген наўқас ақ халат кийген ҳәр бир медицина хызметкерлеринен жәрдем күтеди. Меҳир күткен усындай наўқасларға дәри-дәрмақ пенен бирге жақсы сѳз жүдә зәрүр. «Жақсы сѳз – жан азығы» деген гәп бар. Мен не ушын бул сѳзлерди айтып атырман? Себеби, бизиң кәсибимизде яғный, медицинада жақсы сѳз наўқас ушын ҳаўа менен суўдай зәрүр.
Ѳзим Хожели районының «Бегжап» аўылында туўылдым. Мектепти питкергенимизден соң 2-санлы Нѳкис медицина колледжине оқыўға тапсырып, оны 2004-жылы табыслы тамамлап, Нѳкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы қалалық емлеўханасына ЭКГ мийирбийкеси болып жумысқа орналастым. Мен шаңарақтағы ата-анамнан баслап мектепте, медицина оқыў дәргайында да ҳәм усы жердеги устазларымнан шийрин сѳзли болыўды үйренип келгенмен. Еле де үйренбектемен – деп айтсам асыра айтқан болмайман.
Соңынан қалалық емлеўхананың қабыллаў бѳлиминиң мийирбийкеси болып ислеп келмектемен. Бизиң алып баратуғын баслы жумысымыз емлеўханаға келген ҳәр қандай наўқасты нәўбети менен қабыллап, емлеўханаға жатқарамыз. Әўели олардың тазалығын тексеремиз, кейин қан басымы, дене ыссылығы, бой, дене салмағы ѳлшенип, анализлери таярланып, ҳәр қайсысының аўырыўына қарай, емлеўхананың емлеў бѳлимлерине жибериледи. Күнине 35-40 наўқас қабыллаймыз. Мине, усы жумысларымыздың барлығында ҳәр бир наўқас пенен жеке сәўбетлесиў ѳткерип, олардан мийримимизди аямаймыз.
Таза, ықшам, соңғы медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген емлеўханамызда айына 640 тан аслам наўқас саўалып, кимиси жумысларына, кимиси бала-шағасының орталығына қайтады.
Бул жерде маған меҳрибанлық етип, ѳз қызындай кѳрип, медицина кәсибиниң әлўан сырларын үйретип киятырған шыпакерлерден Гѳззал апа Дәўлетова, Жамал аға Тарихов, Дилбар апа Заринова ҳәм Зәриўхан апа Шунгараевалардан ҳәмийше миннетдарман. Олар маған билмегенимди үйретип, қыйналғанымда ақыл-кеңеслерин бериўден шаршамады. Мен солардың арқасында ѳз кәсибимниң пидайысы болыўға тырысып киятырман. Ҳәзирги пайытта мийирбийке Гүлбаныў Базарбаева менен биргеликте жумыс алып бармақтамыз.
Мен алдағы ўақытлары да ѳз кәсибимниң жуўапкершилигин терең сезинип, өне бойымдағы күш-жигеримди, кеўлимдеги жақсы сѳзимди халқымның денсаўлығы тиклениў жолында сарыплай беремен.
Пәрўазхан Тәжимуратова,
Нѳкис қаласы емлеўханасы, қабыллаў бѳлими мийрибийкеси.
