Ески қосықларға жаңа толқын ислеў оған және жан бериў хақыйқый қәбилетлердиң бири болып есапланады. Дурыс, көпшилик нота усталары намаларды қайта ислеўи, жаңадан оларға өзгерис киритиўи мүмкин, лекин олардың қай дәрежеде жақсы исленгени, әдалатлы төреши болған халық бере алады. Өйткени, өз шегине жеткерилип исленген хәрқандай мийнет дурыс бахаланады ҳәм көпшиликке унап, адамлар жүрегинен орын алады.
Әне усындай қәбилет ийелериниң бири Ренат Байназаров. Ол музыкаға жаслығынан меҳир қойды хәм бул меҳир оны Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалы оқыў дәргайында тәлим алыўына жетеледи. Устазларының мийнети ҳәм өзиниң талапшаңлығы менен тынбай изленди, мийнет етти, ҳәр түрли музыкалы компонентлер менен ислести.
Нәтийжеде бүгинги күнде социаллық тармақларда өзиниң хит дәрежесине жеткен «Алты қыз» қарақалпақ миллий қосығының ремикс варианты, «National Vibe» аты менен белгили болған миллийлигимизди сәўлелендириўши музыкалы композициялар, буннан тысқары бирнеше қосықлардың Remix вариантын ислеп шығып көпшилик жаслардың меҳир-муҳаббатына ерисе алды.
Атап өтилген мийнетлер тек ғана социаллық тармақларда емес бәлки халқымыз арасында да өз қунын жойтпады, ең қуўанарлы жағдайлардың бири болса талантлы жас дизайнер Индира Жумабаева Дубай қаласында өткерилген «International Fashion week Dubai 2022» модалар көргизбесинде «Арал үмити» коллекциясы менен «National Vibe» музыкалы композицияны бирге уйғынластырды, бул өз гезегинде миллийлигимиздиң және де гөззаллығын дәлиллеп берди.
Ренат Байназаровты өзин-өзи бәнт қылған жаслар қатарында десек болады, себеби Dj ҳәм beat maker кәсибин ийелеп, қосымша дәрамат таппақта. Буннан тысқары шәкиртлер таярлап, музыка ҳәм beat жаратыўдың сырларын үйретпекте.
Ренат пенен сәўбетлесер екенмен оның алдағы мақсетлери анық яғный, өзиниң жеке альбомын халқымызға усыныў алдында екенлигин ҳәм оның үстинде тынбай ислеп атырғанын атап өтти.
Үлгили перзент, белсенди студент, қәбилетли жас дөретиўшиге кейинги оқыў ҳәм жумысларында табыслар тилеймиз.
Улбосын Мадаминова,
ҚМУ студенти.
