ПОЛИГРАФИЯДАҒЫ САЛМАҚЛЫ МИЙНЕТ

27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамы кең түрде белгиленип, бир қатар тараў пидайыларының мийнетлери мүнәсип баҳаланды ҳәм мәмлекетлик атақлар менен сыйлықланды. Олардың арасында «Қарақалпақстан» баспасы директоры Азат Хожамуратов «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.
Азат Хожамуратов республикамыздағы ең дәслепки полиграфшы қәнигелердиң бири. 1982-жылы усы тараўдың туңғыш рет есигин ашып кирип келген болса, бүгин оның мийнет жолына қырық жылдың майданы болмақта. Ташкент тоқымашылық институтының Полиграфия санааты бойынша инженер-технолог қәнигелигин ийелеп, ең дәслепки мийнет жолын өндиристен баслайды. Яғный, линотип машинасы бойынша наладчик, ҳәрип териў цехы смена мастери ҳәм цех баслығы болып ислеп, үлкен тәжирийбе топлайды. Ол пайытлары полиграфкомбинат жүдә үлкен кәрханалардың бири болып, барлық ис қағазлары, сабақлықлар, көркем-әдебий китаплар, қолланбалар бәри усы орында баспадан шыққан. Исшилер сменаларға бөлинип ислеп, буйыртпаларды ўақтында орынлаўға үлгериўге ҳәрекет қылған. Қорғасынды еритип, ҳәриплерди қәтесиз терип, үлкен машақатлар менен жумыслар орынланатуғын болған.

А.Хожамуратов сол қыйыншылықлы жолларда да аянбай мийнет етип, өз устазларының билдирген исенимин ақлап, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик хабар агентлиги комитети бас инженери ҳәм Нөкис полиграфкомбинаты бас инженери лаўазымларында жемисли хызмет етеди. 2003–2012-жыллар аралығында Қарақалпақстан Республикасы баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң директоры орынбасары ал, 2012-жылдан баслап «Қарақалпақстан» баспасы директоры болып ислеп келмекте.
Нөкис полиграфкомбинатының ески өз заманының қүдиретли техникалары болған аўыр, шаўқымлы машиналарының тилин билген ол, кәсиплик тәжирийбесин мудамы арттырып барыўы нәтийжесинде ҳәр қандай жуўапкерли орынларда ислеп, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда, әдебий-көркем шығармалардың, мектеп оқыўшылары ушын арналған сабақлардың өз ўақтында қәтесиз ҳәм сапалы шығыўында қәниге ретинде өз ўазыйпасына жоқары жуўапкершилик пенен қарайды.
Нөкис полиграфкомбинатының дәўир талабына сай үскенелер менен тәмийинлениўине ондағы басып шығарылып атырған өнимлердиң сапалы шығыўына айрықша дыққат аўдарып келген ең пидайы инсанлардан есапланады. Ол дәўир менен тең қәдем таслап, өзиниң искерлиги менен үлкен нәтийжелерге ерисип келмекте. Ол баспа жанынан киши баспахана ашып, көлеми киши, тиражы аз китапларды усы жерде басып шығарыўды шөлкемлестирди. Сондай-ақ, баспаға буйыртпалардың көплеп келиўине, баҳалардың бираз болса да арзанланыўына еристи.

Сондай-ақ, оның баспаны экономикалық ҳәм материаллық жақтан байытыўда, халқымызды еле де көбирек китап өнимлери менен тәмийинлеўде айрықша хызметлери бар.
Бүгинги күнде қабыл етилип атырған қарарлар, бийликлерди басшылыққа алып, балалар ҳәм жас өспиримлер ушын китаплар шығарыў, мәлимлеме-ресурс орайлары китапханаларын китап пенен байытыўда айрықша мийнетлери бүгин өз баҳасын таппақта.
Ол 2021-жылы Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығы көкирек нышаны менен сыйлықланды.
– Бул тараўға жаслайымнан араластым. Өндиристиң ўақыт пенен санаспайтуғын қатал талапларында шынықтым. Үлкен орынларды алып туратуғын, дәслепки көрген адам бираз сескенетуғын қурамалы, гидиман машиналарда иследик. Цехларда усындай машиналардың үзликсиз ислеп турыўын тәмийинлеў де көп ғана техникалық күтимлерди талап етер еди. Соң заманагөй жаңа технологиялар енгизилмекте. Ҳәзирги буйыртпашылардың да талғамы жоқары. Жәмәәтимиз ағзалары менен заманға сай, рәң-бәрең, сапалы китап өнимлерин жеткерип бериўге ҳәрекет етип атырмыз.
Халқымызда негизи «Китап шыққан жер тегин болмайды» деген гәп бар. Көп ғана оқымыслы, зыялы инсанлар өз китаплары баспадан шыққанда өз перзенти туўылғандай қуўанады. Кеўли толып, алғысларын айтады. Китаплар әўладларға қалады, әўладларды бир-бири менен сырластырыўшы илаҳий нәрсе. Усылай «Кәсибиңнен кәмал тапқайсаң» деген алғысларды көп еситер едим. Сол ўақытлары Ө.Арзымбетов Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз министри, Қ.Бегжанов Нөкис полиграфкомбинаты директоры ҳәм Г.Досымбетов бас инженер еди. Олардың басшылық қәбилетлерине, искерлигине ҳәўес ететуғын едик. Ал, А.Қутыбаев, А.Есемуратов, Ф.Ҳабибуллаев, И.Исметовлар жумыс барысында маған устазлық етти. Олардан оғада миннетдарман, – дейди Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Азат Хожамуратов.
Азат аға шаңарағында ардақлы әке. Өмирлик жолдасы Дина апа менен үш перзентти кәмалға келтирип, Ўатанына хызмет ететуғын садық ул-қыз етип тәрбияламақта.
Қарақалпақ полиграфиясындағы салмақлы мийнеттиң усындай сый-ҳүрметке ийе болып атырғанынан жүдә қуўанышлымыз. Алдағы ийгиликли ислеринде де тасқын табыслар тилеймиз.

Жумагүл Ембергенова,
Өз хабаршымыз.