Еситпеген елде көп деген гәп ырас екен. Арамызда, өзимиздиң рәҳәтимизге шалқып минип жүрген тыныш техникамызды адам өлтириўдей ең жаўыз қуралға, бирақ ең елеспесиз қуралға айландырыўға урынатуғын адамлар да бар екен. Маған достым Қутлымураттың бир ўақыя туўралы айтып берген мына әңгимеси жоқарыдағы ойымның толық тастыйығын таўып берди. Аўылымызда еки жигит жасайтуғын еди – деп баслаған еди әңгимесин достым. –Бириниң аты Төребай. Екиншисиниң аты Назарбай. Екеўи түйдей жас. Олар бирге ойнап өссе де ҳеш досласып көрмеген. Оған минезлериниң, бир-бирине уқсас емеслиги себеп болса керек. Екеўи де ири денели, қарыўлы жигитлер. Төребай, жалпақ бет, жалпақ мурын, жүзи шийкил сары, май жағып қойғандай жып-жылтыр. Көзлери сәл нәрсеге ыза қалқып шығатуғын қып-қызыл қырғый көз, ашыўшақ минезли жигит. Жүрген жеринде мақтанып, қасына жантасқан адамға озбырлық ислеўге мейилли, өр көкирек, жәнжелпаз, тулғасы ири болғаны менен поллампос, бос. Ким менен алысса да, тек дене аўырлығы менен жеңе алғандай ҳалы бар.
Назарбай сын-сымбатының шымырылығы, сабырлылығы, минез қулқының устамлылығы менен Төребайдан пүткиллей парық қылады. Бойы узын болғаны менен елп еткен самалға созылып жығылатуғын шиңгириктей жип-жиңишке емес. Кең ыйықлы. Нық қайың, сыбыт тулғалы. Көп-көп шынығыўлардан булшық етлери бөлек-бөлек болып кеткен, палўан жигит.
Екеўиниң арасында жәнжел ойда-жоқта келип шықты. Әлбетте оған Төребайдың ойламаған жерде, қыйсынсыз жағдайда өзимшил дөреки минез танытыўы себеп болды.
Аўылымызда той болды. Той ийеси бир, кем тәмийинленген хожалықтың жалғыз перзенти Қарлыбай деген жигит еди. Әкеси балалығында, қайтыс болып, жетим өскен жигит, үйленгенине де еки-үш жылдың аралығы болып қалған. Тойына ғәрежет табыў қыйын болып, неке тойын ўақтында бере алмай қалған еди. Сол еки-үш жыл даўамында гә Қазақстан, гә Россия республикаларына барып, жумыс ислеп ғәрежет табыстырған болды. Сөйтип бүлинип жүргенинде Қарлыбайдың, келиншеги бир балалы да болды. Өмирлик жолдасын сол қапашылықтан қутқарыў ушын Қарлыбай ақыры сол тойды берип тынды. Ел-халықтың алдында келиншегиниң де бети ашылды. Ҳәмме ырза болды. Ҳәмме олар менен бирге қуўанды.
Той дағый баслады. Келген қонақлар үйли-үйлерине қайтып атыр. Тойхана да гилкий аўыл жаслары, келиншек тәрепинен қуда-қудаша жигит-қызлар қалған едик. Район орайындағы кафелердиң биринде өткерилетуғын жаслар тойына мирәт етилгенбиз. Тойға апарып, алып қайтатуғын буйыртпа берип шақыртылған автобусты күтип турмыз. Суўдай таза «Ковальт» машинасын желдей қуйғытып Төребай келди. Машинадан түсип, ҳешкимге хабарласпастан туўры Қарлыбайдың, алдына келди.
– Бар. Бир шийше арақ алып кел.
– Оны не қыласаң?
– Ҳәзир усы жерде ишип саған ақ пәтиямды беремен.
– Пәтияны жасы үлкенлер берип қойыпты.
– Не сөйлегенин билмейтуғын шаймий ғаррылардың, пәтиясы пәтия ма? Қуры мылжың. Мендей мәрт жигитлердиң пәтиясы пәтия. Өмир өмириңше нақтан тийеди. Бар. Алып кел.
– Арақ жоқ.
– Неге жоқ.
– Таўсылып қалды.
– Әй! Сен, ыштанбийт. Мен сениң үйиме жиберген қонақларыңды мәс етип күтип жибериў ушын, берип жиберген еки шийше арағыңа еки шийше арақ қосып ишкизип, мәс етип жиберип келип отырман. Сондай жораңнан бир шийше арақты қызғанып өлейин деп отырған күниңнен өлгениң артық. Өлсең өл деп Қарлыбайдың, қақ маңлайына бир муш түсирди. Оны урады деп ойламай абайсыз турған Қарлыбай жерге жалп етип, ушып түсти. Төребай оны орнынан турғызбай теўип-теўип таслаў ушын қасына тез жетип келип бөксесине бир тепки берип үлгерди. Бул жағдайды көрип турған Назарбай, ҳешким барып басыў айтпаса, жағдайдың буннан бес бетер шийеленисип кететуғынын билип, бара сала екинши тепкиге аяғын көтерген Төребайдың ийнинен кейин қарай тартып қалды. Төребай еки адым шалқалап кейин шегинип шалқасына созылып жығылды. Жалма-жан тәлтиреклеп орнынан турып Назарбайға асыла кетти.
– Сен! Бәрҳама мениң алдымды кесип келесең. Меннен өзиңди күшлимен деп ойлайсаң ба? Бул аўылда еле ҳеш ким маған тең келмеген. Палўан болмақтан дәў болсаң да, мына топыраққа қамырдай қарып ийлеймен. Керегиң темирдей аўыр муш болса, мә саған-деп балғадай аўыр мушын бар күши менен Назарбайдың жағына туўрылап силтеп қалды. Назарбай шаққанлық пенен қаймығып қалып, оның муш силтеген қолын қағып алып, арқасына қайырды. Желкесинен қатты басып, ийин ағаштай ийилдирип, машинасының қасына ентелетип әкелип, есигин ашып тырп еттирмей басып рульге отырғызды. Шегелеп-шегелеп турып оған мына гәпти айтты.
– Енди бул жерге қайтып келме. Сендей жәнжелкеш ийттиң ийт қурақым қәдири қалған жоқ. Қайтып келсең буннан бес беттер боласаң. Кет үйиңе. Түсиндиң бе?
Төребай күш ислетип басқа қарсылық көрсеткен жоқ. Назарбайға күши жетпейтуғынын билди. Машинасын ходлап атырып, көзлери қан талақ болып, тисин-тисине қайрап тоңқылданды.
– Күшлимен. Палўанман деп қутырма. Сени жоқ қылыў маған, нан шайнағандай ис. Жоқ қыламан да. Керек болса, бул аўылда маған қарсы бас көтергенниң бәрин жоқ қыламан…нн.
– Бар кет. Маған қолыңнан келгенин исле. Сениң дөрекилик қылықларыңа ендигиден былай ҳеш қашан жол қойылмайды…
Үлкен қурларда гүрес тутқанында «Әрўақ» күши менен толып-тасып кететуғынын көп көргенбиз. Күнделикли жүз көрисер ғалмағаллықта, көзимизге бәрҳама қой аўзынан шөп алмайтуғын жуўас жигит болып көринип келген. Деген менен, оның бул мәртлигине ҳәммемиз қатты ырза болып қалдық.
Ақыл-ойы өзинен басқаны адам деп танымайтуғын өзимшил, ишмерез адамның ойына жаман ойдың кирип келиўи қанқумар мақлуққа айландырып жибериўи сөзсиз екен. Бурыннан да пейли қарқ емес Төребай Назарбайды өлтириў ойының қулына айланып қалды. Қалай? Қәйтип өлтириў керек? Жатса да, турса да усы жаман ой мийинен шықпай қойды. Пышақлап па? Балталап па? Я мылтық пенен атып па? Жоқ ондай усыллар менен өлтириўге болмайды. Дәслепки еки қуралды пайдаланыў қәўипли. Олардың қолланылыўын сезип қалса, Назарбай тартып алып өзин езип таслаўы турған гәп. Мылтық пенен атып өлтириў де келиспейди. Аўылда өзинен басқа да мылтық жоқ екенин ҳәмме биледи. Милициядағы тергеўши деген тимискеўишлер сорастырып тез таўып алады. Оннан кейин Төребай дәкеңниң түпсиз туңғыйыққа кеткени кеткен. Назарбайды из-түссиз өлтириўге жәрдем беретуғын елеспесиз қурал не болыўы мүмкин? Ойлана-ойлана өзи жөн деп билген мына шешимге келди. Назарбайды ың-жыңсыз өлтириўдиң, ең елеспесиз қуралы бул машина. Жекке жүрген жеринде, ҳеш ким көрмейтуғын жағдайын таўып бастырып кетесең…ң. Мен көринбей кеткеннен кейин, изиңнен келген басқа машиналар изиңди басып өширип кетеди. Оттан аман, суўдан қуры шығыў деген сол..лл.
Төребай қыйт етип қолы босаса Назарбайды аңлыў менен болды. Көп аңлыды. Ҳеш бир қайым пурсат таба алмады. Арадан бес-алты ай ўақыт өтти. Сонда да Назарбайға деген өшпенлиги тарқамады. Декабрь айының баслары еди. Төребай Нөкистен күн батып, жаңа-жаңа қараңғы түсе баслаған ўақытта қайтты. Қыстың қысқа күни, район орайына келемен дегенше тас түнек қараңғыда ушласып үлгерди. Район орайындағы «Жаслық» кафесиниң тусына келгенде, машинасының тезлигин пәсейтип, ояқ-буяғына қарап алды да, кафеге қарай бурылды.
– Қатты шаршадым. Жүз-жүз грамм арақ ишип шаршағанымды шығарып алайын. Жолдың ендиги жағында авто-патруль жоқ. Үйге бир әмеллеп жетип аларман-деп ойлап қойды ишинен. Кафеге киргени сол, есик аўзына жақын, есиги ашық бөлмеде, жети-сегиз жигит пенен ўақ-шақ болып отырған Назарбайға көзи түсти. Барып сәлемлескен жоқ. Абайламай қалған адамдай үндемей тусынан өтип кетти. Кафениң буфетине келди. Сатыўшысына жүз грамм арақ буйырды. Ишти. Назарбайлар отырған бөлмеге қулақ түрди. Кеўилли ўақ-шақлық даўам етип атыр. Назарбай да ишип отыр деп ойлады ол. Мейли ише берсин. Өлгенше ишсин. Бүгин ол қәйтсе де қолыма түседи. Соңғы ишиўи болады. Және жүз грамм арақ буйырды. Ишти. Оншама тәсир ете қоймады. Сыйымлылығы еки жүз граммлық кишкене арақ шийшеден және бир шийше арақ алып сыртқа шықты. Машинасын кафеден шыққан-кирген адам анық көрингендей етип, тасаға айдап апарып қойды. Машинасының ишинде Назарбайдың кафеден шығыўын күтип отырып қалды.
Төребайға ўақыт дым өтпей атырғандай түйилди. Өтсе де адамды қатты зериктирерлик дәрежеде әсте-ақырынлық пенен өтип атыр еди. Иштегилер тез арада шыға қоймады. Алып шыққан арағының аўзын ашты. Ислейжақ болып атырған жаўыз исине сәт тиледи.
– Я, Алла! Исимди өзиң оңынан келтиргейсең. Ҳеш нәрсени ойламайтуғын батырлығы ушын шийшениң аўзын аўзына басты. Лықылдатып еки-үш жутқанның өзинде тең жартысын ишип қойыпты. Шийшениң аўзын бастырып қапталындағы орынлықтың үстине қойды. Және рульге беккем асылып кафениң есигине көзи талғанша тигилип қарап отырып қалды. Сол отырысында қанша отырғанын билген жоқ. Көзи илинип кетипти. Әлле кимлердиң тусынан ғаўырласып өтип баратырғанынан оянып кетти. Қараса Назарбайдың топарындағы жигитлер екен. Олар былайырақ шығып және аз ўақыт әңгимелесип турды. Соң Назарбай олар менен хошласып, орайлық жол менен аўылы тәрепке машина күтетуғын бәндиргиге қарай жол алды.
– Әне енди мықлап қолға түсесең, – деп қойды тисин-тисине қойып ишинен гижинип – Тек басқа машинаға минип кетпесең болды.
Ол шийшени қолына алды да қалған арағын алқымына лықылдатып қуйып жиберди.
Назарбайдың ойында ҳеш қандай қәўип-қәтер жоқ еди. Жора-жолдаслары менен болған кеўилли сәўбетлесиўлерден кейин, кеўли көтерилип, әсте аяң жүрис пенен бәндиргиге келди. Бәндирги пискен гербиштен өрип тикленген, алды ашық, үш қапталы беккем дийўаллы, төбеси бетон плита менен бастырылған, самалға пана, ықтырма еди. Кешке қарай күн желемикли аяз болғанлықтан ықтырманың ишине кирип машина күтип турып қалды. Киятырған ҳәр машинаның алдына шығып қол көтереди. Келгенлери иши адамға лыққа толып келеди. Сыймай қала береди. Және қайтып ықтырмаға тығылады. Жақынлап қалған машинаның жарығы көринди. Жуўырып жол шетине шығып қол көтерип турды. Машинаның тоқтайтуғын түри жоқ. Туўры өзине қарап киятыр. Тезлиги күтә жоқары. Жан айбат пенен өзин жолдың төменине таслады. Машинаның айдаўшысы рулин бурып үлгере алмады. Машина айдаўшысы тәрепинен, сол тезликте, сол пәт пенен ықтырманың дийўалына келип соқлығысты.
Назарбай өзине келип орнынан турғанында машинаның шырпыдай мыжымырланып, ықтырманың дийўалына жабысып қалғанын көрди. Жолдың арғы шетинен қасына бир адам жуўырып келди.
– Ҳа! Бала! Аманлықпа?
– Аманлық, аға. Аманлық. Тек, анаў машина…а – деп гәпиниң даўамын айталмай өкпеси исинип аўзына тығылып иркилип қалды. Аз ўақыттан кейин өзине келип. – Ишиндеги адамы аман ба екен. Көриў керек, аға – деди. Екеўи машинаның қасына келди. Назарбай рулине қатты қысылып, сынған алдыңғы айналарының қыйықлары жүзин кесип-кесип кеткен, аўзы-мурнынан қап-қара қан ағып атырған Төребайды зордан таныды. Қасындағы адам әсте қолын созып желке тамырларын услап көрди.
– Денеси суўып кетипти. Өлип қалған, – деди әсте сыбырланып.
Сонда ғана Назарбай қандай жаўызлықтың қурбаны болып кете жазлағанын түсинди.
Қутлымураттың әңгимесин тыңлап болып, «Кисиге гөр қазба, өзиң түсесең» – деген жазғырыўшы пикир билдириўден аўлақ едим. Биреў келистире алмаса, биреў келистиреди. Жаманлық жуқпалы кеселдей жайылғыш келеди. Ўақыяның негизиндеги жаўызлық мақсет көпшиликтиң кеўлине қыл қаўып қонып, иллет алып кетпегей деген ғул-ғулалы ойдың тәсиринен жаным ыршып-ыршып қыйланғаным ырас еди.
Дәўлетмурат ЕСЕБАЕВ,
Нөкис районы.
