АЛДЫННАН ӘМЕЛ ЕТЕЙИК

Усы жылдың 2023-жылдың 10-июль күнинен 10-август күнине шекем Республикамыз аймағында «Əҳмийетли 30 күн» өткерилмекте. Илаж даўамында 2023-жыл даўамында жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлар прогноз мағлыўматлары тийкарында профилактика жумысларын әмелге асырыў белгиленген болып, бунда тийкарынан айрықша жағдайлардың түрлерин түсиндирип бериў булар – жуқпалы Ботулизм кеселлиги, От жара кеселлиги, Бруcеллёз, қутырыў кеселликлери туўралы кеңнен түсиник бериў болып есапланады.
Айрықша жағдайлардың классификациясы төмендегилерден ибарат:
Техноген түстеги айрықша жағдайларға төмендегилер киреди: транспорт авариялары ҳәм ҳәдийселери, химиялық қәўипли объектлердеги авариялар, Өрт-жарылыў қәўипи бар болған объектлердеги авариялар, Энергетика ва коммунал тармақларындағы авариялар; Радиоактив ҳәм басқа қәўипли экологиялық тәрептен зәҳәрли затлардан пайдаланыў яки оларды сақлаў менен байланыслы болған авариялар, гидротехникалық ҳәдийселер;
Тәбийий түстеги айрықша жағдайларға төмендегилер киреди: Геологиялық қәўипли ҳәдийселер, гидрометеорологиялық қәўипли ҳәдийселер; айрықша эпидемиологиялық, эпизоотик ҳәм эпифитотик жағдайлар;
Экологиялық түстеги айрықша жағдайларға төмендегилер киреди: қурғақлық (топырақ, жер асты)тың жағдайы өзгериўи менен байланыслы жағдайлар; атмосфера (ҳаўа райы) қурамы өзгериўи менен байланыслы жағдайлар; гидросфера жағдайының өзгериўи менен байланыслы жағдайлар.
Ботулизм кеселлиги аўқаттан зәҳәрлениўдиң ең аўыр түри есапланып, айырым жағдайларда үй шараятында таярланған помидор, қыяр, баклажан икрасына қусаған консерва өнимлеринен пайдаланыў нәтийжесинде жүзеге келеди. Ботулизм микробы консерваланған азық-аўқат өнимлеринде кислородсыз (ҳаўасыз) шараятта тез көбейеди. Консерваларды пайдаланғаннан соң 2 саат, айырым ўақытларда 3-4 күн өткеннен кейин зәҳәрлениў белгилери байқалады. Бул кеселликтиң ең жаман тәрепи, шыпакерге жолықпаса, бул жағдай өлимге алып келеди.
От жара кеселлиги өткир жуқпалы кеселлик болып, кеселлик ҳайўанлардан адамға жуғыўы мумкин. Кеселликтиң жуғыўы: тийкарынан шарўа менен шуғылланыўшылар, гөш өнимлерин қайта ислеўшилер, аңшылар, ҳәм кесел ҳайўан өнимлерин жетерли муғдарда зыянсызландырылмағанда ҳәм гигиена қағыйдалары бузылғанда кеселлик жуғыўы мүмкин. Усы кеселликке тән болған белги-бул жараларда аўырыў болмайды. Жара пайда болыўы менен дене температурасы көтериледи, ети уйысады, басы айланады, кеўли айныйды, ҳәлсизленеди (кеселлик өкпе түринде болса – қан қусады, ал ишек түринде болса – иш кетиўи қан менен гүзетиледи).
Ҳайўанларда ҳәм адамларда ушырасатуғын, нерв системасының аўыр жарақатланыўы менен кешетуғын, тек өлим менен тамамланатуғын жүдә қәўипли жуқпалы кеселлик, қутырыў кеселлиги болып есапланады. Адамларға қутырыў кеселлиги 90-95 % жағдайларда ийтлерден, қалған 5-10% басқа ҳайўанлардан өтеди. Кеселлик қозғатыўшысы вирус, кеселликке шалынған ҳайўан силекейи арқалы териниң жарақатланған жерине түсиўи нәтийжесинде жуғады. Соның ушын, үй ҳайўанлары ҳәм шарўа малларын бағыў қағыйдаларына, яғный оны бәрқулла байланған ҳалда бағыў, қараўсыз ҳалда қалыўына жол қоймаў, ҳәр 6 айда 1 мәрте үй ҳайўанларын ветеринария шыпакери көригинен өткерип турыў, қутырыў ҳәм басқада жуқпалы кеселликлерге қарсы емлетиў талап етиледи.
Ҳүрметли пуқаралар. Усыларға әмел етиңлер. Денсаўлық ең әўели өзлеримизге керек.
С.Минсизбаев,
“Тақыятас ЖЭС” АЖ баслығы, майор.