Ҳәрбир мәўсимниң өзине тән өзгешелиги бар. Ҳәзирги ўақытта жәзийрама жаздың ыссы күнлери өтпекте. Хош, ыссыдан қалай сақланыўымыз керек.
Инсан сондай жаратылған қақаман суўықта да, жәзийрама ыссыда да дене температураны бирдей услап турады. (36,2-37,2 градус). Соны айрықша есте сақлаўымыз тийис, қуяш ыссылығы жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм семизликке шалынған инсанлар саламатлығына кери тәсир етип қалыўы мүмкин. Сол ушында күнниң ыссы ўақытлары көбирек дем алып, аўқатланыў режимине итибар бериўи керек. Майлы аўқат ҳәм мазалы ишимликлер денениң қызып кетиўине себеп болып, асқазан-ишек хызметин пәсейтеди. Сол ушын да биз ағарған яғный қатық, айран ҳәм мийўе жемислерден көбирек пайдаланыўымыз керек. Олардан ишимликлер таярлағанымызда ширеси азлаў болыўына итибар бериўимиз керек. Әсиресе, шөлимизди басатуғын ең жақсы ишимликлерден лимонлы шай көп ўақытқа шекем денени терлеўден сақлайды, көк шай болса шөлди жақсы қандырып, дизентерия ҳәм жуқпалы асқазан-ишек кеселиклерден сақлайды.
Соның менен бирге үстки кийимлеримизге де итибар қаратыўымыз керек. Ақ реңли, кең кийим кийиўимиз керек. Бас кийимсиз қуяш нурында жүриў ыссы урыўына, базы да көзде катарактаның раўажланыўына алып келиўи мүмкин. Инсан денсаўлығынан қәдирли, жоқары байлық жоқ екен, таптырмас байлығымызға итибарлы қарайық әзизлер.
Қундыз
Алламбергенова,
Нөкис қалалық көп тармақлы поликлиника шыпакери.
