Бес баласын урысқа жиберип, жолына қарап күтип отырған ана сыяқлы Марьям апа да қыстың қәҳәрли суўығын да, жаздың саратан ыссысында да үйиниң алдында, тамға сүйенип, баласының жолына күни-түни қарайды. Үйиниң алдына келин болып түскен жыллары еккен гүжим тереги де Марьям апа менен қосылып қартайды. Сол гүжим терек Марьям апаның сырласы болып қалған. Шашлары ағарған, көзлериниң нуры кеткен бул кемпирдиң жалғыз ғана баласы Ахмет буннан төрт жыл алдын қайтыс болған.
Соннан берли жалғыз өзи жасайды. Напақа пулларын қоңсысы Гүлайша апаға берип базарлық қылдырады. Бирақ өзи бармайды. Қоңсылары да жүдә жақсы адамлар, Марьям апаны тез-тезден көрип, үй-жумысларына жәрдем береди.
Ал, баласы төрт жыл алдын шет елде жумыс ислеў ушын кетип, қайтып келмеди. Қоңсылары сорастырып билсе, Ахмет ҳәм оның менен бирге кеткен жоралары жол ҳәрекети қағыйдаларына бойсынбай аварияға ушырапты. Машина да, ишиндеги адамларда жанып күлге айланыпты. Буны еситкен қоңсылары Марьям апаға қалай айтарын билмей, сирә илажын таўа алмады.
Байғус ана жүреги сезгендей аўырып, емлеўханаға түсип қалды. Бир ҳәптеден соң баласын сорай баслады. Ең болмағанда қоңыраў етип сөйлестириң деп қоймаған соң қоңсылары Ахметтиң қайтыс болғанын айтыўға мәжбүр болды. Бул хабарды еситип Марьям апаның жағдайы төменлеп кетти. Бир айдан кейин емлеўханадан шығып, үйинде Гүлайша апаның өзи қарай баслады.
Бири кем дүнья сол болса керек, Ахметтиң әкеси де ол бир ҳәптелик ўақтында анасы менен жалғыз таслап кеткен. Бири бар болса, бири жоқлығынан Марьям апа да көп налыған, урыс-жәнжел де көп болғанлықтан шыдай алмай ишиўшиликке берилип кеткен. Тапқан ақшасын ишиўшиликке жумсаған. Әкесинен де сол кеткенинен хабар жоқ. Ағайин-туўысқанлары да қатнасты қойған. Марьям апа жаслайынан жалғыз баласын өзи тәрбиялады. Жүдә ерке болып өсти. Жоқары оқыў орынларында оқытып, жумысқа да жайластырды.
Ким билипти дейсиз, бәлким тәғдири солай шығар. Бойы жетип енди үйлендирип, ақлық сүйемен деген ўақытта, Ахмет шет елге кетемен дегенди шығарды. Ислеп жүрген жумысы да жақсы еди, апасының да, өзиниң де таныслары менен ислесер еди. Айлығына қәнаат етпедиме? Яки ҳәўес пе? Апасына мен машина минип, қабат-қабат жайларда жасағым келеди, буның ушын шет елде еки жыл ислеп қайтсам жеткиликли, деди. Апасы буған наразы болып саған «кел, мында исле» деп қолын былғап турған жоқ, оннан қалса еки жыл аз деп ойлайсаңба. Мени де жалғыз таслап кетесең бе, жайғана жумысыңды ислеп жүре бер, маған келин әкелип, ақлық сүйдир деп зар қақсады. Мәрьям апаның да, кеўили сезгендей сирә жибергиси келмеди.
Апасының гәпине көнбей ертеңине жумысынан босап, шет елге кетти. Еки күннен соң апасына қоңыраў етип жетип барғанын, қасында таныслары барлығын ҳәм қәтержам болыўын айтыпты. Қоңыраўдан соң анасы сәл қәтержам болды бирақ бәрибир де кеўилинде тастай батқан бир нәрсе бар еди.
Ал, сол қоңыраўдан кейин Ахметтен де хабар болмады. Марьям апада қоңыраў етсе жуўап бермеди. Сол күннен гүжимниң астында күтип төрт жыл өткерди. Баласының келиўине үмит бар еди. Апасы жаслығында көп еркелеткен соң ба, Ахмет өз басына саўданы, өзи сатып алғанлықтан ба тәғдири солай болды. Жаслайынан о дүньялы болып кетти. Бәринен де анасына қыйын, қартайғанда сүйениш болатуғын күйеў я ағайинлери жоқ, көзлерине нур болатуғын баласы да жоқ.
Марьям апа жүдә өкинди, жаслығын еске алып: «Өз басыма өзим жеттим, егер шүкиршилик етип сабыр қылғанымда ҳәммеси өз орнында болар еди, өмирлик жолдасым менен ақлықларымызды ойнатып жүрерме едик. Балам шет еллерде қорланып қалмаспа еди. Мал-дүнья шаңарағымнан үстин болды, ҳәммени бездирдим» деп көзлерине жас алды. Сол күннен берили төсек тартып жатып қалған.
Әне заманлас, бир қәте себепли пүткил өмириң даўамында азапланып жасайсаң. Ўақытты болса артқа қайтарып болмайды. Марьям апаныңда басына не күнлер түспеди дейсиз, қанша арзыўлары бар еди. Дүньяның ислери солай шығар, тәғдирден қашып қутыла алмайды екенсең.
Зүлфия ТӨЛЕБАЕВА,
Кегейли районы.
