Соңғы пайытлары магнит боранлары ҳаққында тез-тез еситетуғын болдық. Әсиресе, июль айында он төрт күнлеп магнит боранлары болады-деген хабарлар интернет бойлап тарқалғанда көпшилик қәўетерге түскени анық.
Магнит бораны дегенимиздиң өзи не? Оның жаман тәсирлеринен қалай қорғаныўымыз мүмкин?
Жердиң магнит бораны тәсири әдетте адамларға сезилмейди. Бирақ, усы майданда айырым адамлар сезиўи мүмкин. Магнит бораны гүзетилгенде жер бетин қаплап алады. Бул созылмалы кеселликлерге шалынған аўырыўларға күшли тәсир етеди. Әсиресе, жүрек-қан тамыр, нерв системалары, қантлы диабет ҳәм бронхиал астма менен аўыратуғын кеселликлер буны көбирек сезеди. Сондай-ақ артериал гипертония кеселлиги бар адамларда қан басымы көтерилип, керисинше гипотензив кеселиниң қан басымы пәсейеди. Қантлы диабет пенен аўырғанларда қант муғдары көбейеди.
Қалаберсе денениң стресске шыдамлылығы пәсейеди. Ақыбетинде нерв системасы менен байланыслы машқалалары бар адамларда ҳәлсизлик, нервтың шаршаўы жүзеге келеди.
Соның менен бирге магнит боранлары пайытлары базы адамларда жақтылық ҳәм бәлент даўысларға шыдамсыз реакция, уйқысызлық яки көп уйықлаў келип шығады.
Сонлықтан магнит боранларының кери тәсирлеринен сақланыў зәрүр. Буның ушын дәслеп туўры аўқатланыўды жолға қойыў керек. Яғный, сиңимли аўқатларды жеген мақул.
Сол ушын жеңил сиңетуғын, қайнатылған аўқатлар, мийўелер жеўди сизлерге усыныс еткен болар едик. Күнлик аўқатланыў барысында дуз муғдарын кемейттириў керек. Және де ақылый зорығыўлардан сақланыў керек. Усы күнлери спиртли ҳәм энергетик ишимликлерди ишпеген мақул. Тез-тез жыллы душ қабыл етиў магнит боранларының тәсирин жеңиўге жәрдем береди.
Созылмалы аўырыўлары бар адамлар өзлери менен дәрилерин алып жүриўлери, оларды шыпакер усынысы менен қабыллаўы керек.
Денсаўлық – таптырмайтуғын байлық. Оны асыраў, өмиримизди узайтыў ҳәр биримиздиң қолымызда.
Мине, жаздың соңғы айына жетип келдик.
Август айында да магнит боранлары ушырасады. Қысы-жазы әтираптағы усындай жағымсызлықлардан өзлериңизди асырасаңыз өзлериңизге көп жақсылық еткен боласыз. Денсаўлығыңыз беккем болса карманыңызға да тәсири тиймейди. «Ҳеш бир аўырыў айтып келмейди»-дегендей ҳәмме ўақыт өзлериңизди өзлериңиз қорғасаңыз ғана өмирден заўықланып жасайсыз.
Н.Қазақбаева,
Ф.Сапарова,
М.Ешманова,
Ю.Мадреймова.
Кәриялар, майыплығы болған шахслар урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын «Тахыятас» санаториясы мийирбекелери.
