КҮЙДИРГИ КЕСЕЛЛИГИ ТАРҚАЛМАСЫН

Жақында Нөкис районында “Күйдирги кеселигиниң тарқалыўының алдын алыўда Айрықша жағдайлар мәмлекетлик дизими хызметлериниң бирге ислесиў ҳәрекетлери” темасында көргизбели арнаўлы оқыў шынығыўы өткерилди.
Оқыў шынығыў Нөкис районы “Қырантаў” АПЖ 3-санлы мектептиң мәжилислер залында болды.
Семинарды Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими баслығы, подполковник А.Бекмуратов ашты ҳәм басқарып барды. Нөкис районы Медицина бирлеспесиндеги айрықша жағдайлар бойынша пуқаралық қорғаў – жуўапкер шахс Т.Кобенов, Санитария-эпидемиология жәмийет саламатлығы бөлими эпидемиолог шыпакер С.Ниетуллаев, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими баслығы Г.Бердимуратов, әмелге асырылған илажлар, машқалалар ҳәм кемшиликлер, оларды алдағы ўақытлары болдырмаў бойынша усыныс ҳәм көрсетпелер қатнасыўшыларға жеткизилип, талықлаў киритилген ҳалда сораў-жуўаплар болды.

Сондай-ақ, оқыў қатнасыўшылары яғный күйдирги кеселлигине қарсы гүресиў илажларына жуўапкер болғанлардың ўазыйпалары ҳәм жуўапкерлигин асырыў мақсетинде:
район медицина бирлеспесиниң “Қырантаў” АПЖда жайласқан аўыллық шыпакерлик пунктинде “Күйдирги кеселлиги тарқалыўының алдын алыўда пуқараларға биринши тез жәрдем көрсетиў бойынша;
район ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими эпизоотологлары ҳәм Санитария-эпидемиология жәмийет саламатлығы эпедемиологлары биргеликте ислесиў бойынша әмелий ҳәрекетлери көрсетилди.
Арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы өз алдына қойған мақсет ҳәм ўазыйпаларға толық ерисилди. Белгиленген ҳәмме басқышлары орынланды.
Нөкис районында алдағы ўақытлары күйдирги кеселликлерин болдырмаў бойынша ис-илажлардың сапалы, әмелге асырылыўы бойынша нәтийжели сабақ болды.
Б.Қалмуратов,
Нөкис районы АЖБ киши инспекторы әскер.