Бүгинги күнде республикамызда исбилерменлер искерлигин және де раўажландырыў, халқымыздың жасаў жағдайын жақсылаў мақсетинде республикамыздың барлық жерлеринде кең көлемли қурылыс жумыслары алып барылмақта. Пуқаралар турақ жайлары, жәмийетлик имаратлар, ислеп шығарыў объектлери қурылмақта. Усы объектлерди узақ жыллар даўамында халқымыз мәпи жолында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, қурылыс тараўында объектлер ушын жер майданларын ажыратыў дәўиринен баслап, қурылыс жумыслары жуўмақланып, иске түсирилиўине шекем мәмлекетлик өрт қадағалаўының қурылыс тараўындағы жумысларын шөлкемлестириў ең әҳмийетли мәселелердиң бири есапланады.
Курылыс жумысларын алып барыў ушын усы тараў бойынша жумыс алып барып атырған хызметкерлерден қурылыслар ушын жер майданларын танлаў ҳәм қурылысы жуўмақланған объектлерди пайдаланыўға қабыллаў комиссиялары қурамында қурылыс тараўында нызамлы ҳәм норматив ҳүжжетлерде белгиленген өртке қарсы талапларды толық билиўи ҳәм тәжирийбени талап етеди. Өртке қарсы ис-илажларды белгилеўде тийкарынан төмендегилерге итибар бериледи. Объектлердиң өрт қәўипсизлиги дәрежелерге ажыратылыўы, өрттен сақлаў аралықлардың сақланыўы, тийкарғы самал жөнелиси, жер рельефиниң есапқа алыныўы, қоңсылас кәрханалар ҳәм пуқаралар жасаў үйлерине баратуғын тийкарғы ҳәм жәрдемши жоллар менен тәмийинлениўи ҳәм өрт пайда болған жағдайда, өрт өшириўшилердиң өз ўақтында жетип келиўин есапқа алып тийкарғы имаратларды өртке қарсы суў тармағы бойынша суў, газ, электр энергиясы менен тәмийинлениўи, байланыс ҳәм хабарлаў бойынша туўры шешим қабыл етиў арқалы өртлердиң алдын алыў пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеген болады. Жоқарыдағы қағыйдаларға толық әмел еткен жағдайда ғана беккем имарат қурылады. Бул болса өрттиң алдын алыў жолында дәслепки тырнағы есапланады.
А.Бекмуратов,
Нөкис районы АЖБ баслығы подполковник.
