Қазақстан Республикасында уллы даланың уллы перзенти, Египет пенен Сирияның бийлеўшиси Султан Бейбарыстың туўылғанына 800 жыл ҳәм Қазақстан менен Египет арасындағы дипломатиялық қатнасықтың орнатылғанына 30 жыл толыўына байланыслы «Әдебий Азия» атамасында I халықаралық таңлаў өткерилди.
Онда көплеген мәмлекетлерден талантлы жазыўшы ҳәм шайырлар қатнасты.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул таңлаўға проза бағдары бойынша қатнасқан Ә
жинияз атындағы НМПИ докторанты Руслан Арзиев «Әрманлар епкининдеги теңиз» атлы фантастикалық гүрриңи менен қатнасып сыйлы 2-орынды ийелеўге миясар болды.
– Мениң бул гүрриңимде Арал теңизине басқа планеталардан суў жиберип толтырыў идеясы сәўлеленген, – дейди таңлаў жеңимпазы Руслан Арзиев. – Дөретпемниң таңлаў төрешилери тәрепинен мүнәсип түрде баҳаланғанынан оғада қуўанышлыман. Келешекте дөретиўшилигимди даўам етип, буннан басқа да шығармалар дөретиў ушын мийнет ете беремен.
Соны да айтып өтиў керек, бурын бир неше жыллар даўамында «Еркин Қарақалпақстан» газетасында арнаўлы хабаршы болып жумыс ислеген Руслан Арзиев 2021-жылы «Жылдың ең белсенди журналисти-2021» таңлаўында да жеңимпаз атанған еди. Ҳәзирги ўақытлары ол илимий изертлеў жумысы менен шуғылланбақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.
